Париж қаласында Өзбекстан-Франция қатнасықларын және де раўажландырыў перспективалары додаланды

146

Өзбекстан Президентиниң сыртқы сиясат бойынша арнаўлы ўәкили, Қәўипсизлик кеңеси хаткериниң орынбасары Абдулазиз Комилов басшылығындағы делегация кеше Парижде Франция Сыртқы ислер ҳәм Европа министрлиги, Миллий қәўипсизлик кеңеси ҳәм басқа да уйымларда ушырасыўлар өткерди, деп хабар бермекте «Дунё» МА хабаршысы.

Ушырасыўларда сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда Өзбекстан-Франция қатнасықларын және де раўажландырыў мәселелери додаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги