Олий Мажлис Сенатында АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги менен бирге ислесиў перспективалары додаланды

155

Олий Мажлис Сенатының Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң баслығы Малика Қодирхонова АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID)ниң гендер теңлик ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бойынша үлкен координаторы Жамила Бижио басшылығындағы делегация менен ушырасты, деп хабар бермекте «Дунё» МА хабаршысы.

Парламенттиң жоқары палатасының мағлыўматына бола, сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы қатнасықлар, соның ишинде, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында USAID пенен бирге ислесиў мәселелери додаланды.

USAID пенен бирге ислесиўде гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў бағдарында бир қатар жойбарлар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў керек.

АҚШ тәрепи Өзбекстанда ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды жоқары баҳалады.

Соның менен бирге, 2030-жылға шекем Өзбекстанда гендер теңликке ерисиў стратегиясының әмелге асырылыўында тығыз бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

Сондай-ақ, сәўбет ўақтында келешекте биргеликте әмелге асырылатуғын режелер, биргеликте өткерилетуғын халықаралық илажлар бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги