Ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеўге қаратылған әмелий илажлар белгиленеди

151

Усы жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын күшейтиў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, социаллық, экономикалық, сиясий белсендилигин арттырыў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеўге қаратылған әмелий илажлар белгиленген.

Ҳаял-қызларды мийнет базарында бәсекиге шыдамлы кәсип-өнерге оқытыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў ҳәм олардың арасында исбилерменликти раўажландырыў нәзерде тутылған.

Сенаттың Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетинде жойбар додаланып, жоқарыда атап өтилген мәселелердиң әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.

Комитет баслығы Малика Қодирхонова мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқық ҳәм имканиятларын тәмийинлеўге қаратылған мәмлекетлик сиясат избе-излик пенен әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Жойбарда өз көринисин тапқан ўазыйпалар бул бағдарда әмелге асырылып атырған реформалардың логикалық даўамы болып есапланады.

Соның менен бирге, бағдарламадан орын алып атырған ўазыйпаларды әмелге асырыўда мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң белсендилигин күшейтиў керек екени атап өтилди.

Додалаўлар процесинде комитеттиң ўазыйпаларынан келип шығып, жойбарға киргизиў нәзерде тутылған бир қатар усыныслар билдирилди.

Н.Абдураимова, ӨзА