Футбол бойынша Азия кубогиниң ярым финал ушырасыўлары күтилмеген ўақыяларға толы болмақта.
Атап айтқанда, Қубла Корея ҳәм Иордания сайланды командалары арасында болып өткен дәслепки ярым финал ушырасыўында иорданиялы футболшылар өз қарсыласын 2:0 есабында жеңип шығып, көпшилик футбол жанкүйерлерин таң қалдырған болса, екинши ярым финал беллесиўи де усыған уқсас болды.
Онда басым көпшилик футбол қәнигелери Азия кубогиниң жеңимпазы болыўын күткен Иран сайланды командасы майдан ийелери Қатар менен ушырасты ҳәм ойынның дәслепки минутларында-ақ есапты ашыўға еристи. Гол авторы Сардар Азмун.
Буннан соң қатарлы футболшылар да тез-тез қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирип, 17-минутта Иран дәрўазасына жуўап тобын урыўға миясар болды.
Бул голдан руўхланған Қатар сайланды командасының ең күшли футболшыларының бири Акрам Афиф 43-минутта Иран дәрўазасын және бир мәрте анық нышанға алыўға еристи.
Ушырасыўдың 51-минутында бүгинги күни Нидерландияның «Фейнорд» клубында ойнап атырған Алиризо Жаҳонбахш Қатар дәрўазасына белгиленген пенальтиди анық орынлап, арадағы есапты теңлестириўге миясар болды.
82-минутқа келип қатарлылар қурамында быйылғы турнирде онша әўмети жүриспей атырған Али Мойез Иран дәрўазасына және бир мәрте гол урыўға еристи ҳәм бул гол Қатар сайланды командасын финалға алып шықты.
Енди 10-феврал күни Қатар ҳәм Иордания сайланды командалары Азия кубогиниң финал ушырасыўында өз-ара гүреске түседи ҳәм онда жеңимпаз команданың аты мәлим болады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы