Уллы шайырға бағышланды

Ғәззел мүлкиниң султаны, өзбек халқының уллы шайыры Әлийшер Наўайы дүнья әдебиятының ең үлкен дарғаларының бири. Наўайы шығармаларының инсанияттың руўхый раўажланыўы ҳәм пәклениўинде тутқан орны ҳаққында оғада көп пикирлер айтылған.
Тақыятас районында жайласқан әскерий бөлимде 9-февраль шайырдың туўылған күнине арнап «Наўайы уллы шайыр» атамасында әдебий кеше өткерилди. Онда районлық руўхый ағартыўшылық бөлиминиң баслығы Б.Палўаниязов, Нураный қоры районлық бөлиминиң баслығы А. Эрсаидов, әскерий бөлим командири орынбасары, майор С. Худаяров ҳәм райондағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшылары қатнасты. Илажда сөзге шыққан 7-санлы мектептиң тарийх пәни муғаллими А.Аяпбергенов қатнасыўшыларды шайырдың өмири, дөретиўшилик жолы менен кең түрде таныстырып өтти. Буннан соң мектеп оқыўшылыры тәрепинен шайырдың рубайы ҳәм ғәззеллери оқылып, сахналық көринислер қойып берилди.






Кеше соңында белсене қатнасқан оқыўшыларға әскерий бөлим тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги