Бажыхана: Қоймаханалардағы жумыс процесслери талқыланды

143

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының жумыс ислеў аймағында бажыхана уйымлары тәрепинен берилген лицензияға муўапық жумыс ислеп турған 4 ашық түрдеги бажыхана қоймаханасы бар. Олар  Нөкис қаласындағы «Умид Нөкис», Төрткүл районындағы «Төрткүл нан», Қоңырат районындағы «Бек брокер» ҳәм “Modus Best” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерине тийисли бажыхана қоймаханалары болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы басшылары, қәнигелери ҳәм бажыхана қоймаханасы ўәкиллериниң қоймаханалардағы жумысларға бағышланған ушырасыўы өткерилди.

2023-жыл даўамында усы бажыхана қоймаханаларында 100 ден аслам исбилерменлик субъектлериниң 1267 партиядағы, баҳасы 104,4 миллион АҚШ долларлық ҳәм салмағы 133,7 мың тоннадан аслам товарлары белгиленген тәртипте бажыхана қадағалаўы астында сақланыўы тәмийинленген.

Мәжилисте тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, алдағы режелер ҳәм бажыхана қоймаханаларының жумысларында жүзеге келип атырған машқалалар, жол қойылған қәте-кемшиликлер, оларды сапластырыў жоллары ҳаққында пикир-усыныслар билдирилди.

Бажыхана қоймаханаларында Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 9-апрельдеги 210-санлы ҳәм 2021-жыл 20-августтағы 531-санлы қарарларына муўапық, қоймахана хызметкерлериниң «Бажыхана жүк операциялары» системасында ислеў ҳәм бажыхана қоймаханаларында өрт ҳәм санитариялық қәўипсизлик талапларына бойсыныў тәртип-қағыйдалары туўралы әмелий мысаллар арқалы түсиниклер берилди.



Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги