Ипотека кредити бойынша субсидия ажыратыўда айырым өзгерислер күтилип атыр

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети Министрлер Кабинетиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўге байланыслы Ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шықты.
Оған бола, Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 25-марттағы 182-санлы қарары менен тастыйықланған Турақ жай сатып алыў ямаса жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын пуқараларға субсидия төлеў тәртиби ҳаққындағы режениң 15-бәнти сегизинши абзацында өзгерислер киргизилмекте.
Әмелдеги тәртип бойынша район (қала)лық шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимлериниң жети жумыс күнинде арза бериўшиниң социаллық нормаларға муўапық екенин усынған ҳүжжетлер тийкарында шөлкемлерде бар мағлыўматлар базасы менен салыстырған ҳалда үйренип шығады. Сондай-ақ, БИМХПда онлайн электрон тәризде ипотека кредити бойынша субсидия алыўды қәлеген мүтәж шаңарақ (ҳаял-қызлар)тың аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлар, майыплығы болған, перзентлерин толық емес шаңарақта тәрбиялап атырған, турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж аналар категориясына тийисли екенин тастыйықлайды.
Усыныс етилип атырған тәртипте болса жоқарыдағы «толық емес шаңарақ» түсинигине түсиник берилмекте. Яғный, турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж аналарды «перзентлерин толық емес шаңарақта тәрбиялап атыр» деп табыў ушын, олар «некеси бийкар етилгенине еки жыл болған ҳәм улыўма үй-руўзыгершилик тийкарында ерли-зайып болып жасамай атырған» болыўы керек.
Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң билдириўинше, бул тәртип ҳәзирги ўақытта жуўапкер шөлкемлерди алағада етиў арқалы өмирлик жолдасы менен некени бийкарлап, субсидия алыў арқалы турақ жайға ийе болыў, кәсип өнерли болыўға урыныўлар артынан қабыл етилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги