Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы додаланды

170

Мәмлекетимиз басшысының басшылығында 2024-жылы билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, санластырыў, мәденият ҳәм спорт тараўларында әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде министрликлер ҳәм уйымлардың алдында турған ўазыйпалар белгилеп алынды.

Онда аймақлар ҳәм тармақлардың басшылары санластырыўда кескин өзгерис ислеўи шәрт екени көрсетип өтилди.

Мәселен, аймақларда 53 мың жасларымыз IT менен еркин шуғылланып, программалық өним жаратып атыр. Олардың жумысын кеңейтиўге түртки беретуғын бир пүтин система жаратыў зәрүр екени атап өтилди.

IT-Парк мәмлекет берген жеңилликти резидентлерге усыныў менен ғана шекленбестен, жергиликли программистлерди сырт ел компанияларына таныстырыў, оларға үлкен буйыртпалар алып бериўи шәрт екени көрсетип өтилди.

Ҳәкимлерге усы жылы 30 мың жасты инглис ҳәм немис тилине үйретип, IT тараўына бағдарлаў бойынша әмелий жумысларды жедел баслаўға көрсетпе берилди.

Санлы технологиялар министрлигиниң орайлық аппараты, системадағы кәрхана, шөлкем ҳәм билимлендириў мәкемелери басшыларының қатнасыўында болып өткен мәжилисте мәмлекетимиз басшысының тапсырмалары орынланыўын сапалы шөлкемлестириў, берилген ўазыйпалар ҳәм келешектеги режелер додаланды.

Сондай-ақ, аймақларда санластырыў бойынша 2024-жылы ерисилиўи зәрүр болған тийкарғы нәтийжелилик көрсеткишлериниң орынланыўы ҳәм олардың барысы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм усыныслар көрип шығылды.

Буннан тысқары, тараўда алып барылып атырған системалы жумысларды даўам еттириў, жол қойылған қәтелерди ўақтында сапластырыў ҳәм олардың алдын алыў бойынша тапсырмалар берилди.

Соның менен бирге, IT хызметлерин раўажландырыў ушын аймақларда телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў бойынша мәселелер көрип шығылды.

Өз гезегинде, IT-билимлендириўин раўажландырыў, тараў хызметкерлерин инглис тилин билиў дәрежесиниң қамтып алыныўын арттырыў бойынша мәселелер додаланды.

Н.Раҳмонова, ӨзАның хабаршысы