Өзбекстанныӊ Санкт-Петербургтағы жаӊа бас консулы тайынланды

326

Абдураҳмон Маҳмудов Өзбекстанныӊ Санкт-Петербургтағы жаӊа бас консулы етип тайынланды. Бул ҳаққында «Дунё» МА хабар бермекте.

37 жасар дипломат Наманган мәмлекетлик университети (бакалавр) ҳәм Ташкент мәмлекетлик юридика университети (магистратура) н тамамлаған. Мийнет жолы даўамында Жынаят ислери бойынша Ташкент қалалық судында, СИМ структурасында түрли лаўазымларда ислеген. 2019-2023-жыллары Өзбекстанныӊ Украинадағы елшиханасында биринши хаткер, соӊ мәсләҳәтши болып жумыс алып барған.

Абдураҳмон Маҳмудов 2019-жылдан 2024-жылға шекем Санкт-Петербургтағы Бас консуллықты басқарған Алишер Бабаевтиӊ орнына тайынланды, – деп мағлыўмат береди xabar.uz

Мағлыўмат ушын, Бас консуллықтыӊ консуллық округине Россияныӊ Арқа-Батыс регионлары киреди. Олар төмендеги 11 аймақ: Карелия Республикасы, Коми Республикасы, Архангельск ўәлаяты, Вологда ўәлаяты, Калининград ўәлаяты, Ленинград ўәлаяты, Мурманск ўәлаяты, Новгород ўәлаяты, Псков ўәлаяты, Санкт-Петербург қаласы ҳәм Ненец автоном округи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги