Шет тиллерин үйрениў жасларға жаӊа имканиятлар жаратпақта

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жасларға сапалы билим бериў, шет тиллерин ҳәм кәсип-өнерди үйретиў ушын зәрүр шараятлар менен имканиятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Атап айтқанда, әмелге асырылған жойбарлар шеӊберинде 2023-жыл даўамында халықаралық имтихан системалары бойынша жоқары балл (дәреже) алған 12,3 мыӊ жаслардыӊ имтихан тапсырыў қәрежетлери ушын 21,7 млрд сум қаржы ажыратылды.
Жасларға заманагөй кәсиплерди ийелеўи, мәлимлеме технологияларын үйрениўи ҳәм оларды шет тиллерге оқытыў бойынша “Келешек кәсиплери” жойбары шеӊберинде билим алыўшы социаллық қорғаўға мүтәж шаӊарақ перзентлерине алты айға шекем мүддетли оқыў курслары ушын ҳәр айда БЕМниӊ 4 есесине шекемги муғдарда қаржы ажыратылып бериледи.
2023-жыл даўамында бул жойбар арқалы 8072 жасқа 18,1 млрд сум қаржы ажыратылды.
Республика көлеминде халықаралық имтихан системасынан жоқары балл (дәреже) алған жасларға имтихан тапсырыў қәрежетлери төмендеги тәртипте қаплап берилди:
“IELTS” – 8 275;
“TOEFL” – 30;
“GMAT” – 13;
“SAT” – 960;
Рус тили – 2864;
Корейц тили – 77.
Буннан тысқары, қосымша 9 тест (шет тили ҳәм имтихан түрлери) сынақларыныӊ қәрежетлери қаплап берилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги