Жоллар тегис болса, жумысларда табыс болады

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигинде Автомобиль жоллары комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Баспасөз конференциясын автомобиль жоллары комитетиниң баспасөз хаткери Н.Джумаева алып барды.
Онда бас басқарма баслығы Ш.Дәўлетяров шығып сөйлеп, тараўда өткен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелер ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 12 мың 381,5 километр автомобиль жоллары болып, улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары 4254 километр, мәмлекетлик әҳмийеттеги жоллар 986, жергиликли әҳмийеттеги жоллар 2604 ҳәм халықаралық әҳмийеттеги жоллар 664 километрди қурайды. Ал, ишки хожалық жолларының узынлығы 8 мың 127,5 километрди қурайды. Республикамызда улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары ҳәм ишки хожалық жолларын толық ҳәм ағымдағы оңлаў бойынша бир қатар жумыслар алып барылды.
Атап айтқанда, бир қатар мәмлекетлик бағдарламаларға муўапық, 199 объекттеги жәми 288,5 километрлик узынлықтағы жол, 492,3 погонометр узынлықтағы көпирлерде 310 миллиард 556,8 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы белгиленип, бүгинги күнде 199 объекттеги 294 миллиард 647,9 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды.

Соннан мәмлекетлик бағдарламалар бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары бойынша жәми 24,0 километр узынлықтағы 16 автомобиль жолларында ҳәм 115,8 пм. узынлықтағы көпирлерде 140 миллиард 579,0 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы белгиленип, соннан бүгинги күнде усы 16 объектте 127 миллиард 860,8 миллион сумлық жумыс көлемлери орынланды.




2024-жыл даўамында 339 километрлик улыўма пайдаланыўдағы жоллар қайта қурылады ҳәм оңланады, қаладағы ҳәм басқа елатлы пунктлердеги жәми 56 километрлик көшелердеги жоллар оңлаўдан өткериледи, 1725 километрлик ишки жолларға қум шағыл-тас араласпасы төселеди, 28 көпир оңланады, нәтийжеде 375 мәҳәлледеги жәми 2477 километрлик жолдың жағдайы жақсыланады.
Баспасөз конференциясы қатнасыўшылары жоллардың сапасы, көпирлер, айырым жолларда автомобильлердиң топланып қалыўы, орынларда ушырасып атырған басқа да машқалалар туўралы пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги