Жолшылар билим бәйгисине түсти

Өзбекстан Республикасы Автомобиль жоллары комитетиниң басламасы менен комитет қурамындағы кәрхана-шөлкемлердеги жумысшы-хызметкерлердиң интеллектуаллық билимин сынақтан өткериў ҳәм беккемлеў, олардың арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Зәкаўат» интеллектуаллық ойынының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.
Оған автомобиль жоллары комитетиниң жуўапкер қәнигелери, Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы қурамындағы мәмлекетлик мәкемелердиң басшылары, қәнигелери қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасының баслығы Ш.Дәўлетяров, Автомобиль жоллары комитетиниң баспасөз хаткери Н.Джумаевалар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 12 мың 381,5 километр автомобиль жоллары болып, улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары 4254 километр, мәмлекетлик әҳмийеттеги жоллар 986, жергиликли әҳмийеттеги жоллар 2604 километр ҳәм халықаралық әҳмийеттеги жоллар 664 километрди қурайды. Ал, ишки хожалық жолларының узынлығы 8 мың 127,5 километрди қурайды.
«Зәкаўат» интеллектуаллық ойынында автомобиль жоллары бас басқармасы қурамындағы мәкемелердиң жумысшы-хызметкерлеринен ибарат жәми 22 команда қатнасты.



Ойын даўамында жол қурылысы тараўына байланыслы ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер, халық аўыз-еки дөретпелери, әдебиятқа байланыслы ҳәм логикалық сораўлар берилди. Ойынның барысы тәжирийбели тәрешилер тәрепинен бақлап барылды.
Аймақлық таңлап алыў басқышында ең көп балл топлаған Шымбай районлық Жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеминиң «Бес қала» командасы биринши орынды ийелеп, бас басқарма тәрепинен баҳалы саўға ҳәм статуэтка менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, екинши ҳәм үшинши орынды ийелеген командалар да бас басқарма тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.






Интеллектуаллық жарыс қатнасыўшылары арасынан «Ең зийрек ҳаял зәкаўатшы», «Ең китапқумар зәкаўатшы», «Ең жас зәкаўатшы», «Логикалық сораўлар билимданы» номинациялары жеңимпазлары да анықланып, олар да баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги