Футбол агенти Антон Смирнов өзиниң социаллық тармақтағы бетинде мюнхенлилердиң «Бавария» клубы ЦСКА ярым қорғаўшысы Аббосбек Файзуллаевқа қызығып атырғаны ҳаққында хабар қалдырды.

Футбол агентиниң қосымша етиўинше, ярым қорғаўшы Өзбекстан миллий сайланды командасындағы ойынлары себепли немис клубы итибарына түскен.

Еслетип өтемиз, Файзуллаев ҳәзирги күнде Россияның ЦСКА футболшысы есапланады. Усы мәўсимде ярым қорғаўшы клуб қурамында 18 ойын өткерген ҳәм оның есабында 2 гол, 6 голлы пась бар.

Transfermarkt мағлыўматына бола, Файзуллаев 4 миллион евроға баҳаланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги