Кеше футбол бойынша Азия кубогинде Иордания ҳәм Қубла Корея сайланды командалары арасында ярым финал ушырасыўы болып өтти.
Оғада қызықлы өткен ушырасыўдың биринши таймында есап ашылмады. Ал, екинши таймда болса, иорданиялы футболшылар көбирек ҳүжимге өтти ҳәм 53-минутта Язан ал-Наимат Корея дәрўазасын анық нышанға алыўға еристи.
Буннан соң да Иордания сайланды командасы ағзалары ҳүжимге өтиўди тоқтатпады ҳәм усындай ҳүжимлердиң бирин Муса ал-Таамари нәтийжели жуўмақлаўға миясар болды.
Ушырасыўдың қалған минутларында есап өзгермеди ҳәм Иордания сайланды командасы өз тарийхында биринши мәрте Азия кубогиниң финалына жол алды.
Бүгин саат 20:00 де турнирде екинши ярым финал ушырасыўы болып өтеди. Онда Иран ҳәм Қатар сайланды командалары финал жолламасы ушын өз-ара гүрес алып барады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы