Бүгинги күнде айырым аймақларда халыққа жақын жерде қурылған кәрхана ҳәм шөлкемлер, имаратлар атмосфера ҳаўасын патасландыратуғын түтин ҳәм газлерди шығарыўы арқалы сол аймақ пуқараларының шағым ҳәм мүрәжатлерине себеп болып атырғанын тез-тез бақлаў мүмкин.

Ендигиден былай атмосфераға тикеллей тәсир көрсетиўши бундай кәрхана ҳәм имаратлар қурылатуғын орынлар жергиликли Кеңес депутатларының келисими тийкарында шешиледи.

Гәп сонда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жылы 5-февраль күни қабыл етилген «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының жумыс нәтийжелилигин және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында атмосфера ҳаўасын патасландыратуғын яки оған тиккелей тәсир көрсетиўши кәрхана ҳәм имаратлар қурылатуғын орынлар, шығындылар көмип тасланатуғын орынлар халық ўәкиллериниң келисими менен белгиленетуғыны беккемлеп қойылды.

Сондай-ақ, усы пәрманға бола, жергиликли әҳмийетке ийе болған курорт тәбийғый аймақлар, рекреация зоналары, ботаника ҳәм дендрология бағлары, тәбият бағлары да тек ғана Кеңеслердиң келисими менен шөлкемлестириледи яки сапластырылады. Яғный, бул бағдардағы қарарлар тийисли аймақ халқы тәрепинен сайланған депутатлардың пикирин инабатқа алған ҳалда, коллегиал тәртипте қабыл етиледи. Аймақлардағы бар бағлар, тәбийғый аймақларды сақлап қалыў ҳәм жаңаларын қурыўда сол аймақ халқының мүнәсибети, пикирлери әҳмийетли ҳәм шешиўши әҳмийетке ийе болады.

 

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзА хабаршысы