Диний кеңпейиллик аўызбиршилигимиздиң негизи

182

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында диний экстремистлик, ҳәр қыйлы жат идеяларды үгит-нәсиятлаўшы материаллар менен әдебиятлардың бажыхана шегаралары арқалы кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Онда басқарма жеке қурамы, ишки ислер министрлигиниң терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў басқармасы, дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы хызметкерлери қатнасты.

Илажда бажыхана шегаралары арқалы кирип келетуғын пуқараларды бажыхана қадағалаўынан өткериў процесинде радикализм ҳәм терроризмге, ҳәр қыйлы диний исенимлерге үгит-нәсиятлаўшы материаллар анықланғанында ҳәрекет етиўдиң ҳуқықый тийкарлары додаланып, әмелге асырылыўы зәрүр болған басқышлары бойынша түсиниклер берилди.


Ҳәр ким қәлеген динине исениў ямаса ҳеш бир динге исенбеў ҳуқықына ийе. Бул норма Өзбекстан Республикасы Конституциясында да сәўлеленген. Улыўма алғанда, диний исеним еркинлиги гуманистлик мәденияттың ең уллы жетискенлиги есапланады. Бул түсиник инсан диннен улыўма жүз бурып жасаўын аңлатпайды. Бирақ ҳүждан еркинлиги нықабы астында террористлик ямаса экстремистлик көзқарасларды үгит-нәсиятлаў қатаң қараланады.

Көп миллетли Өзбекстанда диний толерантлық мәселеси бәрқулла күн тәртибинде болып келген. Конституцияда ҳәмме ушын ҳүждан еркинлиги кепилленетуғыны белгиленген.

Илажда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги