6-февраль күни Қазақстан Республикасы парламенти Мәжилиси АМАНАТ партиясы тәрепинен кандидатурасы көрестилген Олжас Бектеновты мәмлекеттиӊ бас министри лаўазымына тастыйықлады. 69 депутат жақлап даўыс берди, 7 бийтәреп қалды. Қалған министрлер тез арада тайынланыўы керек.

Президент Қасим-Жомарт Тоқаев Алихан Смаиловтыӊ өзи отставкаға шаққанын атап өтти.

«Ҳүкимет оператив қарарлар қабыл етиў ҳәм нәтийжели қәдемлер қойыўда жаӊа, әҳмийетли роль атқарыўы керек. Халқымыздыӊ абаданлығы жолында экономиканы диверсификациялаўды хошаметлеў ушын исенимли, қатаӊ қарарлар қабыл етиўи зәрүр. Ҳүкимет жумысына жаӊа түртки бериў керек, буны жәмийетшилик те күтпекте. Сол себепли мен Алихан Смаиловтыӊ отставкасын қабыл еттим», – деди Тоқаев.

Бектеновтыӊ бас министрликке кандидатурасын ҳүкимран партия басшысы Ерлан Қошанов усынды. Президент оны тастыйықлады, – деп мәлимлеме береди xabar.uz

Олжас Абаевич буған шекем Президент Администрациясыныӊ баслығы болған.

Еслетип өтемиз, 5-февраль күни президент Қасым-Жомарт Тоқаев ҳүкимет отставкасын қабыл етиўге тийисли ҳүжжеке қол қойған ҳәм Бас министр ўазыйпалары ўақтынша Роман Василевич Склярға жүкленген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги