2024-жыл 5-февральдан баслап, “Қарақалпақстан” радиоканалы еситтириўлерин өз алдына толқында ҳәм 24 саат даўамында эфирге узата баслады.

— Бүгин тек ғана бизиӊ жәмәәтимиз ушын емес, ал халқымыз ушын да тарийхый күн, – дейди Қарақалпақстан телерадиокомпаниясыныӊ директоры Қуўандық Бекбаўлиев. – Себеби, өзимиз ушын өз алдына толқынға ийе бола алмағынымыз дөретиўши ҳәм техникалық хызметкерлеримиз бенен бирге тыӊлаўшыларымызға да қолайсызлық туўдырып атырған еди. “Қарақалпақстан” радиоканалыныӊ эфирге узатылыўын жақсылаў мақсетинде 661 млн. сум қаржы ажыратылып, Нөкис радиотелестанциясына RT-FMS-2001 маркалы 2,0 кВт қуўатлыққа ийе аналог радиоузатқыш орнатылғаны нәтийжесинде радиоканалымыз 24 саат даўамында эфирге узатылатуғын болды.

Усы күнге шекем “Қарақалпақстан” радиоканалы Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясыныӊ «Жаслар» радиоканалы қурамында эфирге узатылып киятырған болса, ендигиден былай “Қарақалпақстан” радиоканалы еситтириўлери өз алдына 107,8 толқынында эфирге узатыла баслады ҳәм географиялық аймағы да кеӊейди. Жаратылған имканиятлар нәтийжесинде Нөкис қаласы менен бирге Хожели, Кегейли, Нөкис районлары толық ҳәм Шоманай, Шымбай, Әмийўдәрья, Бозатаў районларыныӊ айырым аймақларында “Қарақалпақстан” радиоканалы жаӊлайтуғын болды. Радиотолқынныӊ географиялық қамтыўын кеӊейтиў бағдарындағы жумыслар даўам еттирилмекте.




Ғайрат Отажонов, “Халқ сўзи”.