Қарақалпақстан Республикасы ҳәқимшилик судлары тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша 2023-жыл даўамында қандай жумыслар әмелге асырылды? Бул бойынша республика Ҳәкимшилик судының баслығы Амир Нурлипесов пенен ушырасып, өзимизди қызықтырған бир қатар сораўларға жуўап алдық.

–2023-жыл даўамында жәми 810 ҳәкимшилик ис көрилген болып, соннан 500 арза яки 61,7 проценти қанаатландырылған,– дейди А.Нурлипесов. –Сондай-ақ 230 арза қанаатландырылмастан қалдырылған болса, 70 арза ис жүргизиўден тамамланған. Президентимиз тәрепинен билдирилген жынаят ислеген шахсты жазалаў емес, ал жынаятлардың келип шығыў себеби, оларға шараят жаратып берген дәреклер үйренилип, ҳәр бир жынаят жағдайлары профилактика инспекторлары, пуқаралар жыйынлары  ҳәм жәмийетшиликтиң қатнасында терең талланбақта. Ислердиң кеминде 30 процентин көшпели суд мәжилислеринде, халық арасында көриў ҳаққында усыныс билдирилгенлиги себепли, судлар жумысларында бул бойынша унамлы өзгерислер болмақта. Атап айтқанда, соңғы жыллары ислерди көшпели суд мәжилислеринде көриўге айрықша итибар қаратылып, 2023-жыл даўамында 339 яки 41,9 процент ҳәкимшилик ис көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

Бул дәўирде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судында биринши инстанция тәртибинде ислер көрилмеген. Апелляция инстанциясында 146 ҳәкимшилик ис көрилип, тамамланған.

–Суд қарарларының орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтсеңиз?

–2023-жыл даўамында ҳәкимшилик судларға шағым арза бериўде мәмлекет пайдасына 301 миллион 883 мың сум мәмлекетлик бажы төленген болса, суд қарарларына тийкарланып мәмлекет пайдасына 214 миллион 576 мың сум мәмлекетлик бажы өндирилди.

Сондай-ақ 2023-жыл даўамында суд қарарлары бойынша мәмелекетлик бажы ҳәм басқа түрдеги орынлаў хатлары тийкарында 375 миллион 668 мың 587 сумлық жәми 769 орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюроларына жиберилди. Соннан 239 миллион 166 мың 850 сумлық 631, яғный 74 процент ҳүжжеттиң орынланыўы тәмийинленди.  97 миллион 861 мың 737 сумлық 138 орынлаў ҳужжети ҳәрекетте.

Ислерди көрип шығыў нәтийжелери бойынша жынаят белгилери бар яки жоқлығын көрип шығыў ушын, сорастырыў уйымларына 9 хабарнама, сондай-ақ исти көриўде мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери ҳәм лаўазымлы шахсларының ҳәрекетинде нызам бузылыўшылық жағдайларының барлығы ҳәм оларды келешекте болдырмаўдың алдын алыў мақсетинде 461 айрықша уйғарыў шығарылып, илаж көриў ушын  тийисли орынларға жиберилди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды тәрепинен бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў, әдил судлаўды әмелге асырыўдағы қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша, сондай-ақ пуқаралардың мүрәжатларын ҳәр тәреплеме толық үйрениў ҳәм дурыс жолға қойыў бойынша 16 улыўмаластырыў өткерилди.

–Пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўге қай дәрежеде итибар қаратылмақта?

–Усы бағдарда Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары менен Өзбекстан Республикасы  Президентиниң Халық қабыллаўханалары арасында өз-ара бирге ислесиў жолға қойылған. 2023-жыл даўамында Президент Халық қабыллаўханасы арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 62 мүрәжат келип түскен. Соннан 54 мүрәжат үйренилип, ийелерине тийкарлы жуўаплар берилген болса, 8 мүрәжат үйрениў ушын тийисли уйымларға жиберилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханалары арқалы пуқаралардан 79 мүрәжат келип түскен болып, олардың барлығы бақлаўға алынған ҳалда үйренип шығылды ҳәм тийисли жуўап берилди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслықларының суд имаратында ҳәм көшпели өткерилген қабыллаўларында 221 пуқара қабыл етилди.

–Суд жумысларын жетилистириў ҳәм әдил судлаўды тәмийинлеў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтсеңиз?

–Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен ҳуқықбузыўшылықтың алдын алыў ҳәм халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў мақсетинде кәрхана, мәкеме, шөлкемлерде, оқыў орынлары ҳәм халық арасында улыўма  355 мәрте ушырасыў ҳәм дөгерек сәўбети өткерилди. Соның менен бирге, ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылған. Деген менен, бул жумыслар мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бүгинги күни алдымызға қойылып атырған талапларға толық жуўап береди, деп болмайды.

Сол себепли, Президентимиз тәрепинен берилген көрсетпелерге әмел етип, жуўапкершиликти ҳүжданлы түрде сезинип ислеў талап етиледи. Халықтың машқалаларын тыңлап, олардың дәрти менен жасаў судьялар ушын баслы ўазыйпа болып қалыўы тийис.

Усы мәселеде көшпели суд мәжилислериниң тәрбиялық әҳмийетин айрықша айтып өтиў зәрүр. Судтың ашық-айдынлығын тәмийинлеў қаншелли дәўир талабы мәселеси екенлиги ҳәммемизге мәлим. Себеби, бир жағынан судлар жәмийетшиликтиң арасында болса, екинши жақтан пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға кеңнен жәрдем береди.

Жуўмақлап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары судьялары өзлеримизге жүкленген жуўапкершиликли ўазыйпаларды шын кеўилден, ҳадал ҳәм ҳүждан менен орынлап, ҳәр қандай жағдайда да қалыс ҳәм әдил болыўға, әдил судлаўды тек ғана нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырыўға барлық күш-жигерин  жумсайды.

Сәўбетлескен: Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы