Жумыслардың көлеми кеңеймекте

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты санаатын ҳәм аўыл хожалығын раўажландырыў ушын жетерли энергия менен тәмийинлеў мақсетинде 1956- жылы Әмиўдәрьяның қубла бойында Тақыятас электрстанциясының ҳәм Тақыятас қалашасының қурылыс ислери басланады. Жаңа электриклер қалашасында 1961-жылы 10-сентябрде қуўаты 14 мВт болған биринши труба генераторы иске түсирилген болса, ол басқышпа– басқыш жетилистирилип, 2021-жылы ҳәр бириниң қуўаты 280 мВт болған 1 ҳәм 2 пуў газ қурылмалары иске түсириледи.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында алып барылып атырған реформалар ҳәм халық ийгилиги ушын жеткерилип турған электр энергиясының үзликсиз тәмийинлениўи жолында станцияда әҳмийетли ўазыйпалар әмелге асырылмақта.
Биз бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар менен кеңирек танысыў мақсетинде Тақыятас ыссылық электр станциясы акционерлик жәмийетиниң Техникалық өндирис бөлиминиң баслығы Юнус Бабажановты сәўбетке тартқан едик.
–Станцияда ислеп шығарылған электр энергиясының қамтып алыў көрсеткиши ҳәм режениң орынланыўы қай дәрежеде болмақта?
-Кәрханада ислеп шығарылып атырған электр энергиясы Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Наўайы ўәлаятларына жеткерилип берилмекте. Кәрхана өнимлеринен халық пенен бирге юридик тәреплер бизнес субъектлери де пайдаланбақта.
Өткен 2023- жылы ушын электр энергиясын ислеп шығарыў режеси 4,32 млрд. кВт саат болған ҳалда әмелде 4,77 млрд. кВт саат электр энергиясы ислеп шығарылып, реже артығы менен орынланды. Ҳәзирги ўақытта кәрхана орташа 17,5 млн кВт саат электр энергиясын ислеп шығармақта.
Кәрханада энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия тийкарларын раўажландырыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

«Тақыятас ЫЭС» акционерлик жәмийети объектлерине усы күнге шекем жәми қуўаты 1500 кВт болған қуяш фотоэлектр станциялары 646,4 000 кВт саат электр энергиясы ислеп шығарылып, 68,5 000 метр куб тәбийий газ үнемленди.
–Станцияның қыс мәўсиминде атқарып атырған жумысларына тоқтап өтсеңиз?
-Мәмлекетимиз улыўма пайдаланыўдағы электр энергиясының 70 процентин ислеп шығарыўшы «Ыссылық электр энергиялары» кәрханаларында қыс мәўсиминдеги суўық ҳаўа-райы шараятында жумыслар еки есеге күшейтирилген режимде алып барылмақта. Тийкарынан станцияда 24 саатлық жумыс алып баратуғын арнаўлы штаб дүзилип, қыс мәўсимин зыянсыз өткериўге айрықша итибар қаратылмақта.
Штаб ағзалары тәрепинен энергоблоклардың ҳәм үскенелердиң үзликсиз ислеўи және авариялық аўҳалға түсип қалмаўы ушын кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, қәнигелер тәрепинен өндиристиң турақлылығына ерисиў, жүзеге келиўи мүмкин болған техникалық авариялық жағдайлардың алдын алыў , энергоүскенелердиң нуқсансыз ислеўин тәмийинлеў мақсетинде үзликсиз техникалық тексериўлер өткерилмекте. Кәрханада гүзги-қысқы мәўсимге таярлық ислери ўақтында алып барылғанлығы нәтийжесинде тийкарғы ҳәм жәрдемши үскенелердиң нәтийжели ислеўи ушын комплексли илажлар бойынша исленген режеге тийкарланып алып барылмақта.
Соның нәтийжесинде қыс мәўсиминде халық ҳәм санаат кәрханалары үзликсиз ҳәм исенимли электр энергиясы менен тәмийнленбекте.

Сондай-ақ, ҳаўа райы кескин төменлеген күнлерде станцияның бас басқарыў щитинде электр энергиясына болған талап ҳәм усыныслардан келип шығып, ҳәр саатлық режимди қәлиплестириў, техникалық экономикалық жақтан мақул режимлерде ислеўин тәмийинлеў, авариялық режимлердиң жүзеге келиўиниң алдын алыў, оларды сапластырыў ҳәм системаның қайта исенимли екенлигине қаратылған ис-реже ислеп шығылған.
–Бул жерде жаслардың жумыс пенен тәмийинлениўине итибар қай дәрежеде қаратылған?
-Кәрханамыз заманагөй билимге ийе қәнигелер менен толыспақта. Сондай-ақ жас кадрларды таярлаўға да айрықша итибар қаратылған. Кәрханамыз тәрепинен 14 жастың жоқары оқыў орынларында билим алыўы тәмийинленбекте. Буннан тысқары өткен 2023- жылы кәрханада жумыс ислеп атырған 180 кәнигениң билим тәжирийбеси арттырылды.

Сәўбетлескен Г. Турдышова.
Қарақалпақстан хабар агентлиги