Елимизде мәмлекетлик ҳәкимиятты халыққа және де жақынластырыў, халық ҳәкимиятшылығы тийкарларын күшейтиў мақсетинде жаңа редакциядағы Конституцияға муўапық ҳәкимлер ҳәм жергиликли Кеңеслердиң ўәкилликлери бир-биринен ажыратылды.

Халықтың орынлардағы әҳмийетли машқалаларын шешиў ушын ҳақыйқый «халық даўысы» болған жергиликли Кеңеслерге кең ўәкилликлер берилди, жергиликли Кеңеслерге ҳәким емес, ал депутатлар арасынан сайланатуғын баслық басшылық ететуғыны белгилеп қойылды.

Күни кеше қабыл етилген Пәрман – жергиликли дәрежеде мәмлекетлик ҳәкимиятты трансформациялаўға, түп мәнисинде халықшыл системаны енгизиўге қаратылған әҳмийетли сиясий реформалардың логикалық даўамы болды.

Пәрман менен Өзбекстан жергиликли басқарыў тарийхында биринши рет жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын жаңа модель – «Күшли Кеңес», есап бериў ҳәм интакер ҳәким» принципи тийкарында реформалаўға қаратылған бир қатар қағыйдалар белгилеп берилди.

Бириншиден, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың әҳмийетли мәселелерин шешиўде усы аймақта жасап атырған халықтың пикирин есапқа алыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының ролин арттырыў мақсетинде билимлендириў, қоршаған орталықты қорғаў, қала қурылысы, транспорт ҳәм аймақтың инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған 33 ўәкиллик Кеңеслердиң ықтыярына өткерилмекте.

Соның ишинде:

1) Билимлендириў тараўында:

Тийисли аймақта мәмлекетлик бақша ҳәм мектеплерди шөлкемлестириў бойынша қарар әйне жергиликли Кеңеслер тәрепинен қабыл етиледи.

Буннан былай, аймақтағы талапты ҳәр тәреплеме үйренген ҳалда, қайсы аймақта, мәҳәлледе жаңа мектеп ямаса бақша шөлкемлестириў керек, қайсы бирин кеңейтиў, қайсысын сапластырыў кереклигин халықтың ерк-ықрарының айнасы болған халық ўәкиллери шешеди.

2) Қоршаған орталықты қорғаў тараўында:

атмосфера ҳаўасын патасландырыўшы ямаса оған тиккелей тәсир көрсетиўши кәрхана ҳәм имаратлар қурылатуғын орынлар, шығындылар көмип тасланатуғын жерлер халық ўәкиллериниң келисими менен белгиленеди.

Жергиликли әҳмийетке ийе болған курорт тәбийғый аймақлар, рекреация зоналары, ботаника ҳәм дендрология бағлары, тәбият бағлары да тек ғана Кеңеслердиң келисими менен шөлкемлестириледи ямаса сапластырылады.

Яғный, бул бағдардағы қарарлар тийисли аймақ халқы тәрепинен сайланған депутатлардың пикирин есапқа алған ҳалда, коллегиаллық тәртипте қабыл етиледи.

Бул реформа, сөзсиз, улыўмамиллий байлығымыз болған тәбийғый ресурсларды қәстерлеп сақлаўға хызмет етеди.

3) Қала қурылысы ҳәм транспорт тараўында:

қалалық жолаўшылар транспортында жолаўшы ҳәм багаж тасыў тарифлери жергиликли Кеңеслер тәрепинен белгиленеди. Пуқаралардың  айрықша категориялары ушын жеңиллетилген тарифлер Кеңес қарары менен енгизиледи.

Сондай-ақ, қалалық жолаўшы транспортында жөнелислерди шөлкемлестириў, жаңа жөнелислер ашыў, бәндиргилер, тоқтап турыў ҳәм диспетчерлик мәнзиллерин жайластырыў жерлери жергиликли Кеңес пенен келисиўи керек екени белгиленбекте.

Транспорт ҳәм инженерлик-техникалық инфраструктура объектлерине, тәбийғый объектлерге атама бериў және олардың атамаларын өзгертиў бойынша усыныслар тиккелей жергиликли Кеңеслер тәрепинен киргизиледи.

Буннан тысқары, айырым категориядағы қала қурылысы жумысы объектлерин жергиликли әҳмийетке ийе объектлер қатарына киргизиў де жергиликли Кеңеслердиң қарары менен әмелге асырылады.

4) Аймақ инфраструктурасын раўажландырыў тараўында:

елатлы пунктлердиң аймақлық зоналарының категорияларына жергиликли шараятлардан келип шығып өзгерислер киргизиў, ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып жибериў бойынша хызметлер ушын тарифлерди тастыйықлаў сыяқлылар да Кеңеслер тәрепинен әмелге асырылыўы үзил-кесил шешилмекте.

Бундай ўәкилликлердиң ийеси етип жергиликли Кеңеслердиң белгилениўи жәмийетлик турмыс ушын әҳмийетли болған мәселелерди халықтың пикирин есапқа алған ҳалда халық ўәкиллери тәрепинен шешиў имканиятын береди.

Екиншиден, жыллар даўамында жергиликли Кеңеслерге жүкленип келинген бир қатар ўәкилликлер менен функциялар системаластырылмақта.

Атап айтқанда, жергиликли Кеңеслерге жергиликли ҳәкимликлер, аймақтағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң есабатларын тыңлаўда мазмуны жағынан жақын тараўларда өз-ара қайталаныўшы ўазыйпалар жүкленгени себепли оларды көрип шығыў, оптималластырыў ҳәм системаластырыў зәрүрлиги бар еди.

Кеңеслердиң нызамшылықтағы ўәкилликлери системаластырылмағаны нәтийжесинде, жергиликли Кеңеслердиң ҳәкимликлер ҳәм бир қатар мәмлекетлик уйымлардың анаў ямаса мынаў тараўға байланыслы есабат ҳәм мәлимлемелерин жылына дерлик жүзден аслам рет тыңлаўы керек еди.

Бул болса, жергиликли Кеңеслердиң жумыс жүклемесин жасалма түрде арттырып, әҳмийетли ўәкилликлерин болса атамасына ғана әмелге асырыўына себеп болып атырған еди.

Соның менен бирге, ишки ислер уйымларының аймақлық бөлимлериниң баслықлары, олардың тармақ бойынша орынбасарлары, сондай-ақ, мәҳәллелердеги профилактика инспекторлары да жергиликли Кеңеслерге өз алдына есабат беретуғын еди.

Сол себепли, Пәрман менен Кеңеслердиң есабат ҳәм мәлимлемесин тыңлаўға байланыслы айырым ўәкилликлери қайта көрип шығылып, олар тараўлар бойынша системаластырылды.

Пәрман менен Кеңеслер алдында тийисли аймақта тек ғана ҳәким, сондай-ақ, аймақлық мәмлекетлик уйымлардың биринши басшылары есап бериўиниң белгилениўи келешекте усы басшылардың Кеңес алдында ҳәм сиясий, ҳәм профессионаллық жуўапкершилигин және де арттырыўға хызмет етеди.

Үшиншиден, «Күшли Кеңес», есап бериўши ҳәм интакер ҳәким» принципи тийкарында нызамшылық ҳүжжетлериндеги 100 ден аслам ўәкиликлерди жергиликли Кеңес ҳәм атқарыў ҳәкимияты арасында анық бөлистириў бойынша усыныслар ислеп шығылады.

Конституциялық реформалар нәтийжесинде 2024-жылғы сайлаў жуўмақлары бойынша, дәслеп ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслеринде, кейин ала 2026-жылдан баслап район (қала)лық Кеңеслерде Кеңес баслықлары ҳәм ҳәкимлер өз алдына жумыс алып баратуғыны белгиленди.

Сол себепли, әмелдеги нызамшылық пенен бүгинги күнге шекем жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына жүкленген улыўма ўазыйпалар менен функциялардың жергиликли ўәкиллик уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары арасында анық бөлистирилетуғыны белгиленбекте.

Соған бола, Пәрман менен «жол картасы» тастыйықланда ҳәм мәпдар министрликлер ҳәм уйымларға Әдиллик министрлиги менен биргеликте тийисли нызамшылықтағы ўәкилликлерди жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў тапсырылды.

Усынысларды ислеп шығыўда – жәмийеттиң мәплерине тиккелей байланыслы мәселелерди шешиўге халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жуўапкер екени менен бирге, ҳәкимликлердиң аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўға интакерлигин арттырыўға да айрықша итибар қаратылады.

Төртиншиден, Кеңеслердиң өз жумысын мәмлекетлик ҳәкимият уйымларынан еркин түрде әмелге асырыўы кепилленбекте.

Атап айтқанда, буннан былай:

жергиликли Кеңеслерге ўазыйпалар менен функциялар тек ғана нызам ҳүжжетлери менен жүкленетуғыны;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен жергиликли Кеңеслердиң жумысына араласыўға жол қойылмайтуғыны;

келешекте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыўда тийисли ўазыйпаларды жергиликли ўәкиллик уйымлары ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымлары арасында анық белгилеп баратуғыны;

әмелдеги нызамшылықтағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына жүкленген ҳәм Кеңеслердиң жумысына тән болмаған ўазыйпалардың орынланыўы бойынша жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жуўапкер екени белгиленбекте.

Бул жаңалықлар, жергиликли Кеңеслердиң жумысын тек ғана өз сайлаўшылары ҳәм тийисли аймақтың мәпин гөзлеген ҳалда әмелге асырыўына тийкар болып хызмет ететуғыны сөзсиз.

Бесиншиден, Кеңеслер нәтийжели жумыс алып барыўы ушын зәрүр шараятлар ҳәм материаллық-техника менен тәмийинленеди.

Атап айтқанда, Пәрманға муўапық халық депутатлары ўәлаятлар, Ташкент қалалық ҳәм район (қала)лық Кеңеслерин өз алдына имарат пенен тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар көриледи. Онда:

биринши басқышта (2024-жылдың 1-октябрине шекем) – ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерди, екинши басқышта (2025-жыл 1-декабрьге шекем) – районлық ҳәм қалалық Кеңеслерди имарат ҳәм объектлер менен тәмийинлеў бойынша илажлар көриледи.

Буның ушын, Кеңеслер жайласқан имаратлар толық хатлаўдан өткериледи, сырт ел әмелиятын есапқа алған ҳалда, жергиликли Кеңеслер имаратларына ҳәм оларды үскенелеўге байланыслы минимал талаплар ислеп шығылады.

Пәрманда белгиленген ўазыйпалардың әмелге асырылыўы Кеңеслерди орынлардағы халықтың мәплерин қорғаў, шешилиўи керек болған мәселелерге қолдан келгенинше шешим табыў, ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкиминиң жергиликли Кеңеслер алдындағы есап бериўин, жуўапкершилигин арттырыўға, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият дәрежесинде бир-бирин тыйып туратуғын механизмлердиң нәтийжели ислениўине хызмет етеди.

ӨзА