Өзбекстан гендер мағлыўматлар рейтингинде 56-орынды ийеледи

Open Data Watch шөлкеминиӊ “Gender Data Compass” рейтингинде 2023-жылдыӊ жуўмағына бола, Өзбекстан 37 балл топлаған ҳалда 185 мәмлекет арасында 56-орынды, Орайлық Азия регионында 3-орынды ийеледи.
“Gender Data Compass” мәмлекеттиӊ гендер мағлыўматлары системасын толық баҳалаўды тәмийинлейди. Ол 53 гендер көрсеткишлериниӊ бес тәрепи: бар болыўы, ашықлық, тийкарлар, имканиятлар ҳәм қаржыландырыў дәреклери бойынша талланады.
Мәмлекетимизде гендер статистикасын жүргизиў бойынша Статистика агентлиги ўәкилликли уйым болып, агентликте гендер статистикасын жыйнаў, қайта ислеў ҳәм таллаў бойынша өз алдына бөлим шөлкемлестирилген.
Агентлик тәрепинен жүргизилетуғын gender.stat.uz сайтыныӊ барлық бөлимлеринде бүгинги күнде 180нен аслам гендер статистикасына тийисли көрсеткишлер 3 тилде, 5 түрли форматта жайластырылып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги