Өткен жылдыӊ ақырында Өзбекстан  алтын сатыў бойынша дүньяда екинши орында ийеледи, деп хабар бермекте Жәҳән алтын кеӊеси (“World Gold Council”).

Өзбекстанныӊ алтын бойынша сап саўдасы 25 тоннадан асламды қурап, бириншиликти ийелеген Қазақстаннан еки есеге аз көрсеткишти белгиледи.

2023-жылы Қытай шама менен 230 тонна менен баҳалы металлдыӊ тийкарғы сатып алыўшысына айланды. Оннан кейинги орынларда сезилерли артта қалыў менен Польша, Сингапур, Ливия ҳәм Чехия турыпты.

Декабрь айында дүнья орайлық банклериниӊ алтын-валюта резервлери 28 тоннаға артты, бул баҳалы металларды сатып алыў тренди даўам етип атырғанын аӊлатады. Алтынныӊ тийкарғы сатып алыўшысы 18 тонна менен Түркия болды.

Екинши ҳәм үшинши орынларда болса 9 тонна алтын менен Өзбекстан ҳәм Қытай ийелеген.

Өткен жылдыӊ ақырында еӊ ири алтын сатыўшылар Қазақстан (10 тонна) ҳәм Қырғызстан (2 тонна) болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги