Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы ҳәм усы суд судьялары тəрепинен салық уйымы хызметкерлери қатнасында семинар ɵткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының “Судлар тəрепинен салық нызамшылығын қолланыўдың айырым мəселелери ҳаққында”ғы қарары, “Судлар тəрепинен 2023 жыл даўамында салық уйымы тəрепинен кɵшпели салық тексериўин ɵткериўге байланыслы даўларды судта кɵриў ǝмелияты” бойынша баянатлар тыңланды.

Атап өтилгениндей, Ɵзбекстан Республикасының “Судлар ҳаққында”ғы нызамының 25-статьясына муўапық, нызамшылықты қолланыў мəселелери бойынша Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының түсиндирмелери судлар, усы түсиндирме берилген нызамшылықты қоллап атырған мəмлекетлик ҳəм басқада уйымлар, мәкеме, шɵлкемлер ҳəм лаўазымлы шахслар ушын мəжбүрий болып есапланады. Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумы тəрепинен 2023-жыл 20-февральда “Судлар тəрепинен салық нызамшылығын қолланыўдың айырым мəселелери ҳаққында”ғы қарары қабыл етилген.

Семинар қатнасыўшыларына усы Пленум қарарының мазмун-мəниси кеңнен түсиндирилди.



Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2013-жыл 31-май күнги “Салықлар ҳəм жыйымларды тɵлеўден бас тартыў ушын жуўапкершиликке байланыслы нызамшылықтың судлар тəрепинен қолланылыўы ҳаққында”ғы қарары қабыл етилгеннен соң 2019-жылы 30-декабрь күни қабыл етилген жаңа редакциядағы Салық Кодекси 2020-жыл 1-январдан баслап əмелге киргизилди. Буннан басқа соңғы ўақытта судлардың қəнигелесиўи əмелге асырылып, ҳəзирги күнде мəмлекетлик уйымлардың, соның ишинде салық уйымларының лаўазымлы шахсларының қарарлары ҳəм олардың ис-ҳəрекетлери бойынша даўларды кɵриў ўəкиллиги берилген ҳəкимшилик судлар жумыс ислеп келмекте.

Пленум қарарында судлар ҳəм салық уйымлары хызметкерлери тəрепинен жаңа редакциядағы Салық кодекси талапларын əмелде дурыс ҳəм бирдей қолланыў  мəселелери, экономикалық, пуқаралық ҳəм ҳəкимшилик судлар тəрепинен салыққа байланыслы даўларды кɵриўдиң ɵзине тəн өзгешеликлери, суд əмелиятындағы басқа да машқалалардың шешимине итибар қаратылған.

Семинар соңында қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги