Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен усы жылдың 18 январъ күни 2024-жылда инвестиция, экспорт ҳәм халық аралық шериклик тараўларында әмелге асырылыўы керек тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бажыхана уйымларына қойылған тапсырмалардың сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде орынларда бажыхана хызметкерлери тәрепинен исбилерменлик субъектлеринде үйрениў жумыслары алып барылып, инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы ҳәм қәрежетлер өзлестирилиўинде  әмелдеги мәселелер үйренилип атыр.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының ўәкиллери Мойнақ районындағы “Мойнақ минерал дузы” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, заманагөй технологиялар тийкарында дузды қайта ислеп шығарыўды кеңейтиў бағдарындағы инвестициялық жойбардың орынланыў процесслерин үйренди. Улыўма баҳасы 1,5 миллион АҚШ долларына баҳаланған бул жойбардың 70 проценти Қытай мәмлекети тәрепинен киргизилетуғын инвестиция қаржылары есабына туўра келеди.

Жылына 600 тонна дузды қайта ислеў қуўатлылығына ийе бул жойбардың иске түсирилиўи менен жергиликли халық ушын жаңа 100 турақлы жумыс орны жаратылады. Ислеп шығарылған өнимниң 60 процентин экспортқа жибериў режелестирилген. Бундай жойбардың иске түсирилиўи мәмлекетимизде экспорт потенциалының артырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги