Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен Беруний районы Шаббаз аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы  “Кўчкинов Қудрат” фермер хожалығында суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, шор жуўыўға жерлерди таярлаў ҳәм лазерли тегислеў сыяқлы  бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларына бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Онда Суў хожалығы министрлигиниң жуўаплы хызметкерлери, фермер хожалықларның баслықлары, қыйтақ жер ийелери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жүзбаев, ϴзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниен бекитилген ўәкил Н.Атақуловлар жыйналғанларға Президентимиздиң усы жыл 5-январьдағы “Төменги буўында  суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары менен суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша кредитлер ажыратыў системасына киргизилген өзгерислер туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Президентимиздиң басшылығында 2023-жылдың 29-ноябрь күни аўыл хожалығында суў ресурсларынан ақылға уғырас пайдаланыў ҳәм суў шығынларын азайтыў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул бағдарда орынланыўы тийис болған ўазыйпалар белгилеп берилди.

Суў там-тарыслығы күшейип атырған ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде оны қәдирлеў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, жерлерди лазерли тегислеў, усы арқалы суўды үнемлеп  пайдаланыўға айрықша итибар қаратылмақта. Президентимиздиң тапсырмасы бойынша төменги буўында суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў, оннан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде районлық ирригация бөлимлери ҳәм арнаўлы хызметлер негизинде “Суўды жеткерип бериў хызметлери” мәмлекетлик мәкемелери шөлкемлестирилди.

Суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўди хошаметлеў мақсетинде жеңилликли кредит линиялар ашылмақта. Атап айтқанда, кредитлер 2 жыллық жеңилликли дәўир менен 5 жыл мүддетке 14 процентлик,  Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ушын 10 процентлик ставкада ажыратылады.

Кредит алыўда фермерлерден мүлк гиреўи талап етилмейди. Сондай-ақ кредитлер “онлайн” ажыратылыўы жолға қойылмақта.

Илажда атап өтилгениндей, быйылғы жылдың шор жуўыў дәўири ушын республикамыздағы аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў ҳәм шор жуўыў жумыслары ушын 1 миллиард 272,0 миллион.м3 суў муғдары ажыратылған. Бул дәўирде  160,8 мың гектар шор жуўыў ҳәм 63 мың гектар бийдай атызларын суўғарыў   жумысларын алып барыў белгиленген.

Суўғарыў жумысларында суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, шор жуўыў жумысларында агротехникалық қағыйдаларға, суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы тәртибине әмел етилиўи бойынша системалы қадағалаў орнатыў мақсетинде барлық районларға суў хожалығы мәкемелери басшы хызметкерлеринен жуўапкерлер бириктирилип, 195 суўғарыў отряды шөлкемлестирилди. Оларға жәми 6 мың 187 суўшы, соннан суў хожалығы мәкемелеринен 1 мың 18 тәжирийбели гидротехник,  кластер ҳәм фермер хожалықларынан 5 мың 99 суўшы бекитилди.





Бүгинги күни дәреклерден 245,8 миллион.м3 суўдан пайдаланылып, 10 мың 870 гектар бийдай, 38 мың 795 гектар қыйтақ жер ҳәм басқа майданларда суўғарыў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, районларда 102 мың 582 гектар майдан шор жуўыўға таярланып, 14 мың 969 гектар майданда шор жуўыў жумыслары алып барылды.

– ϴткен жылы шор жуўыў, жерлерди лазерли тегислеў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў сыяқлы агротехникалвқ илажлардың өз ўақтында сапалы алып барылыўы мол зүрәәт алыўымызда тийкарғы фактор болды, – дейди “Кучкинов Қудрат” фермер хожалығының баслығы Қудрат Кучкинов. – Быйылғы жылы 40 гектарға пахта егиў режелестирилген болып, бүгинги күнге 25 гектар майданда шор жуўыў жумыслары алып барылды. Буннан басқа фермер хожалығымыз аймағындағы 1 километр жап-салманы бетонлаў жумыслар исленди.

Шор жуўыў жумысларын республикамыздың арқа районларында февраль айының екинши ярымынан баслаў режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги