Мәмлекетлик пуқаралық хызмети вакант лаўазымларының бирден-бир ашық порталы – vacancy.argos.uz  арқалы мәмлекетлик пуқаралық хызметтеги вакант лаўазымлар бойынша таңлаўлар өткерип келинбекте.

Портал жумысы сырт ел тәжирийбеси, талабанлар ҳәм жәмийетшиликтиң усыныслары тийкарында жетилисип бармақта.

Ҳәзирги ўақытта ашықтан-ашық таңлаўлардың тест басқышының қатнасыўшылары ушын тест сораўлар топламы миллий нызамшылық, мәмлекетлик тил, мәлимлеме коммуникация технологиялары, логикадан ибарат.

Буннан былай Миллий нызамшылықтың қурамына Өзбекстан Республикасы Конституциясынан сораўлар қосылды.

Бул ҳаққында Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Еслетип өтемиз, мәмлекетлик хызметке жумысқа кирисиўде Конституциямыз бойынша имтиханлар өткериў системасын әмелде енгизиў зәрүр екени ҳаққында мәмлекетимиз басшысының Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни мүнәсибети менен халқымызға жоллаған байрам қутлықлаўында атап өтилген.

Н.Абдураимова, ӨзА