Сыртқы ислер министрлиги консуллық-ҳуқықый департаментиниң басқарма баслығы лаўазымында жумыс алып барып атырған Аюбхон Юнусов Өзбекстанның Кувейттеги елшиси сыпатында жумыс баслады.

Өзбекстанның жаңадан тайынланған Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы Елшиси Аюбхон Юнусов Кувейт пайтахтына жетип барды. Бул ҳаққында «Дунё» мәлимлеме агентлиги хабар бермекте.

50 жасар Аюбхон Юнусов Имам ал-Бухарий атындағы Ташкент ислам институты, «Ал-Азҳар» университети (Египет), Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университети, Ташкент мәмлекетлик юридикалық институтын тамамлаған. Халықаралық ҳуқық, исламтаныў, араб филологиясы сыяқлы қәнигеликлерге ийе. Юридика илимлериниң кандидаты.

2003-жылдан берли Сыртқы ислер министрлиги структурасында түрли лаўазымларда, соның ишинде, орайлық аппаратта, Саудия Арабстанындағы елшиханада, Жидда қаласы ҳәм Дубайдағы Бас консуллықларда жумыс ислеген. Кувейтке елши сыпатында тайынланыўынан алдын ол Сыртқы ислер министрлиги консуллық-ҳуқықый департаментиниң басқарма баслығы лаўазымында жумыс ислеп киятырған еди.

Аюбхон Юнусов 2016-2022-жылларда Өзбекстанның Кувейттеги елшиси болып жумыс ислеген Баҳромжон Алоевтың орнына тайынланған.

Буннан алдын Өзбекстанның Беларусьтағы елшиси тайынланған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги