«Ең белсенди социаллық хызметкер» таңлаўы шөлкемлестириледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Ең белсенди социаллық хызметкер» таңлаўын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында» қарар қабыл етти.
Оған муўапық, «Ең белсенди социаллық хызметкер» таңлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеде:
ең белсенди социаллық хызметкерди әдиллик, қалыслық, ашық-айдынлық ҳәм коллегиаллық принциплер тийкарында анықлаў;
аймақлық ҳәм республикалық комиссиялар тәрепинен таңлаўдың тийислисинше аймақлық таңлап алыў ҳәм республикалық финал басқышларын өткериў ҳәм жеңимпазларды анықлаў;
таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў тәртиби ҳәм оларға берилетуғын жеңилликлер белгилеп берилген.
Таңлаў аймақлық таңлап алыў ҳәм республикалық финал басқышларынан ибарат болады.
Таңлаў Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасындағы социаллық хызметкерлер, социаллық хызметкер ассистентлери, сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердеги хызметкерлердиң тийкарғы лаўазымлары ҳәм жумысшылардың кәсиплер классификаторы бойынша социаллық хызметкерлер қатнасады.
«Ең белсенди социаллық хызметкер» таңлаўын өткериў бойынша аймақлық комиссиялар қурамы Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқармаларының баслықлары тәрепинен, республикалық комиссияның қурамы болса Агентлик директоры тәрепинен тастыйықланады.
Таңлаўдың республикалық финал басқышының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық пенен төмендегише сыйлықланады:
1 – орын ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 20 есеси муғдарында;
2 – орын ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 15 есеси муғдарында;
3 – орын ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 10 есеси муғдарында.
ӨзА