Дельтаға шаңлардың тарқалыў модели ислеп шығылған

276

Өткен 2023-жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Экологиялық процесслерди модельлестириў лабораториясында «Қубла Аралбойындағы қоршаған орталықтың патасланыўы машқалалары» темасында илимий-изертлеў жумыслары алып барылған.

Илимий-изертлеўлер даўамында Қызылқум шөлистаны төменги Әмиўдәрья дельтасына шаңлардың тарқалыў модели ислеп шығылып, модель жылдың ҳәр бир айы ушын шаң концентрациясының майданлары 3D форматында есаплап шығылған.

Себеби. төменги Әмиўдәрья дельтасын орап турған шөлистанлы аймақлардың шаңлары ҳаўаның сапасына сезилерли дәрежеде тәсир көрсетпекте. Сол себепли шөлистанлық аймақларын фитомелиорациялаў әҳмийетли есапланып, бул шарўашылықты азық-аўқат пенен тәмийинлеў машқалаларын да шешиў мүмкиншилигин береди екен.

– Шаңлы боранлар ўақтында метеорологиялық элементлердиң 3 күнлик динамикасының статистикалық таллаўы өткерилди,-дейди Экологиялық процесслерди модельлестириў лабораториясының баслығы, физика-математика илимлериниң докторы Б.Тилеўмуратова. – Оның тийкарында шаңлы боранға шекемги ҳәм оннан кейинги метеорологиялық жағдайдың ең жақынласқан динамикасы анықланды.

Шаңлы бораннан алдын ҳәм оннан кейинги метеорологиялық жағдайдың анықланған ең жақынласқан динамикасы метеорологиялық мағлыўматлардың саатлық градиентлерин характерли орташа статистикалық градиентлердиң алынған баҳасы менен салыстырыў арқалы шаңлы боран болыўының ўақтын анықлаўда жақсы жәрдемин тийгизиўи мүмкин.

Төменги Әмиўдәрья дельтасы топырақларының Арал теңизиниң 1970-2020-жыллар даўамында қурыған ултанынан дузлар менен патасланыўы модели бойынша есап-санақлар әмелге асырылды. Арал теңизиниң қурыған ултанынан дузлардың әсте-ақырын ушып дельтаға ҳәм басқа да жерлерге тарқалыўы топырақлардың шорланыўына үлес қосады. Сонлықтан, Арал теңизиниң қурыған ултанын фитомелиорациялаў бойынша қолланбаларды көбейтиў зәрүр.

Сондай-ақ, Арал теңизиниң қурыған ултанынан сульфатлардың жабайы өсимликлерге тәсири бойынша дала тәжирийбелери өткерилди. Нәтийжеде, сульфатлардың жабайы өсимликлер ҳәм топырақтың шорланыўына тәсири механизминде ҳаўа-райы шараятларының роли анықланды. Өсимликлер деградациясы ҳәм топырақ шорланыўының сульфатлар концентрациясына байланыслылығы анықланды. Қурыған Арал теңизиниң ултанынан сульфатлардың тәсири астында өсимликлер биомассасы ҳәм өнимдарлығын 10-20 процентке шекем төменлеўин есапқа алған ҳалда, усы тема бойынша изертлеўлерди кеңейтиў әҳмийетли ҳәм қурыған Арал теңизиниң фитомелиорациясы нәтийжелилигин арттырыў бойынша қолланбалар зәрүр.

Экологиялық процесслерди моделлестириў лабораториясы тәрепинен илимий журналларда бул бағдарда жәми 18 мақала, соннан 4 мақала Scopus ҳәм Web of Science базасына киргизилген журналларда, 7 мақала басқа cырт ел журналларында, 7 мақала жергиликли журналларда жәрияланған.

Сондай-ақ, 12 мақала ҳәр қыйлы илимий-әмелий конференциялардың материалларында ҳәм басқа илимий топламларда баспадан шықты.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги