Диний кеңпейиллик мәселелери додаланды

Нөкисте ϴзбекстан журналистлерди қайта таярлаў орайы тәрепинен әмелге асырылып атырған “Социаллық өзгерислер дәўиринде ғалаба хабар қуралларының орны” жойбары шеңберинде “Динлер аралық ҳәм бир дин ишиндеги кеңпейиллик мәселелери” темасында еки күнлик семинар шөлкемлестирилди.
Илажға диний конфессиялар, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллери қатнаспақта.
Бул жойбар өткен 2023-жылда басланған болып, онда мәмлекетимиздиң жети аймағы – Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Бухара, Наманган, Ферғана, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы тәжирийбе-сынаў ретинде қамтып алынды. Жойбардың дәслепки басқышында атап өтилген аймақлардағы журналистлер, блогерлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллери ушын диний кеңпейиллик мәселелери бойынша билим және көнликпелерин арттырыўға қаратылған семинар-тренинглер өткерилди..
Быйылғы жылы жойбардың екинши басқышына старт берилди. Январь айында Ташкент қаласында басланған илаж Нөкис қаласында даўам етпекте. Оған тарийхшы илимпазлар менен экспертлер қатнаспақта.
– Семинар түрли динге исениўшилерди бир жерге жәмлегени менен әҳмийетли болмақта,– дейди жойбардың медиа тренери, ϴзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университетиниң доценти, филология илимлериниң докторы Наргис Қосимова. – Қатнасыўшылардың елимизде ҳүким сүрип турған тынышлық, миллетлер аралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти сақлаўда, оны кеңнен үгит-нәсиятлаўда ғалаба хабар қураллары, атап айтқанда журналистлер менен блогерлерден жетерли билим және тәжирийбе талап етиледи. ϴткерилип атырған илаж олардың кәсиплик шеберлиги менен көнликпелерин қәлиплестириўге, сапалы контент жаратыўына жәрдем береди.
Семинардың дәслепки күни қатнасыўшылар динлер аралық қатнасықлардың мазмун-мәниси ҳәм ўазыйпалары, бул бағдарда жүзеге келиўи мүмкин болған қарама-қарсылықлар, оларды сапластырыў бойынша пикир-усынысларын билдирди. Ал-Беруний атындағы Шығыстаныў институтының үлкен илимий хызметкери, тарийх илимлериниң кандидаты Бахтиёр Алимжанов, ϴзбекстан Илимлер академиясы Археология институтының үлкен илимий хызметкери Элдор Асановлар қатнасыўшыларға дүньялық мәмлекетте диний шөлкемлердиң жумыс алып барыў мәселелери, машқалалар ҳәм олардың шешимлери, динлер аралық ҳәм бир дин ишиндеги кеңпейиллик түсиниги, мәмлекетимиздеги динлердиң келип шығыўы,тарийхы, бүгинги күндеги раўажланыўы бойынша илимий тийкарланған мағлыўматлар берди.










Илаж қатнасыўшылары Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад Ал-Беруний атындағы орта билим журты ҳәм Нөкис қаласындағы Проваслав храмында болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги