Брайль дисплейин ким жақсы меңгерди? (+видео)

277

Нөкисте 10-санлы “Нурлы мәкан” көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар мектеп-интернатының оқыўшылары арасында өткерилген “Ким Брайль Дисплейди жақсы меңгерди?” таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Нөкис қаласы Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатында өткерилген усы илажда атап өтилгениндей,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен жарияланған 2023-жылғы социаллық мәмлекетлик буйыртпасы бойынша 1-танлаўда Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими “Көзи әззи инсанлардың дүньяны үйрениў имканияты” атамасындағы жойбары менен қатнасып, жеңимпаз болған еди.

Усы жойбардың кесте-режеси тийкарында Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен “Нурлы мәкан” көзи әззи ҳәм шала көриўши балалар мектеп-интернаты жәмәәтине 4 дана Брайль дисплей үскенеси тапсырылды. Жойбар шеңберинде мектеп-интернатының 12 муғаллими қәнигелескен тренерлер тәрепинен  2 ай даўамында оқытылды. Бул муғаллимлер өз гезегинде  мектеп-интернат оқыўшыларына Брайл дисплейин меңгериўди үйретти. Оқыўшылардың бул бойынша билимлерин жетилистириў, жақсы меңгергенлерди хошаметлеў мақсетинде “Ким Брайль дисплейди жақсы меңгерди?” атамасында таңлаў өткерилди.

Таңлаў жуўмағында мектеп-интернат оқыўшыларынан Камила Ибадуллаева, Шамурат Кеулимжаевлар биринши, Гулзада Мырзамуратова, Тазабай Жолдасов екинши, Бийбиназ Оразбаева ҳәм Руслан Нарханов үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпазлар менен сыйлы орын ийелерине  шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Жойбардың мақсети, көзи әззи оқыўшылардың компьютерден еркин пайдаланыў, электрон китапларды басқа биреўдиң жәрдемисиз оқый алыў мүмкиншилигин жаратыў, оқыў усыллары ҳәм материалларын қамтып алыў имканиятын қоллап-қуўатлаў болып табылады,дейди Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан аймақлық бөлиминиң директоры Гүлсара Жоллыбекова.Келешекте өз үстинде ислеўге хызмет етиўин тәмийинлеўине, жоқары оқыў орынларына кириўине, илимий ислер менен шуғылланыўына, жаңалықлар жаратыўға ерисиўине көмеклесиўден ибарат.

Илаж қатансыўшыларына республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм мектеп-интернаттың “Үмит ушқыны” ансамбли ағзаларының концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги