Бес шаңараққа жәрдем берилди
265

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ басламасы менен басланған “Меҳир ҳәрекети” шеңберинде Нөкис қаласында гезектеги акция өткерилди.
“Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалыныӊ хызметкерлери қәўендерлер менен биргеликте 5 кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған, жәрдемге мүтәж шаӊарақтыӊ ҳал-жағдайынан хабар алды. Илаж даўамында бул шаӊарақларға азық-аўқатлық затлары, қысқы кийим–кеншеклер, балалар ойыншықлары тапсырылды. Соның менен бирге, 1 шаңарақтың қызын кәсипке бағдарлаў мақсетинде “PROGRESS UP” оқыў орайында бийпул билим алыўы ушын сертификат тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги