Бажыхана жеңиллиги экспорт имканиятын бермекте

322

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы басшылары орынларда исбилерменлик субъектлеринде болып, оларға “бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режиминиң имканиятлары туўралы кең түрде түсиндириў жумысларын алып барылмақта.

Гезектеги усындай илаж “Кәрхана кесиминде” ислесиў системасы тийкарында Хожели районындағы “Karbalt-Rutoil” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып өтти.

Буннан еки жыл бурын товарларды бажыхана режиминде қайта ислеў бойынша жаңа тәртип енгизилген еди. Усы тийкарда исбилерменлик субъектлерине және де қолайлы шараят жаратылып, қайта ислеў операцияларының дизими кеңейтилди. ϴткен дәўирде мәмлекетимиз көлеминде  254 кәрхана усы системада ислеп баслағанлығы нәтийжесинде 1,1 миллиард долларлық өним экспорты әмелге асырылғанын есапқа алсақ, бул режимниң имканиятларынан экспорт потенциалын арттырыўда да кеңнен қолланылып атырғанын көриўимизге болады.

2022-жылы қайта шөлкемлестирилген бул кәрхана  нефть ҳәм нефть өнимлерин қайта ислеп, жанылғы өнимлерин ислеп шығарыў менен шуғылланады. Жылына 36 мың тонна шийки затты қайта ислеў қуўатлылығына ийе болған кәрханада бүгинги күни  жергиликли 40 адам турақлы жумыс орны менен тәмийинленген. ϴткен жыл даўамында кәрхана тәрепинен Иран ҳәм Түркменстан Республикаларынан 85 мың АҚШ доллары баҳасындағы 380 тонна нефть өниминиң шығындылары ҳәм суўытыўшы суйықлық сыяқлы шийки затлар импорты әмелге асырылған.

Бүгин мәмлекетимизде жаратылған “бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режими имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўды жолға қойған. 2022-жылдан берли қолланыў шеңбери кеңейтилип, қадақлаў, ораў, жетилистириў операциялары да киргизилген бул режимде сырт еллерден товарларды алып кириўде бажыхана төлемлерине тартылмайды. Қайта ислеў нәтийжесинде пайда болған  товарлардың реэкспорты әмелге асырылғаннан кейин, қайта ислеў процесинде пайда болған шығындыларға бажыхана бажысының  “ноль”лик  ставкасы қолланылыўы белгиленген.

Бул кәрхана өткен жылы биринши мәрте сырт елден алып келинген шийки затты қайта ислеп, Аўғанстан мәмлекетине 36 мың АҚШ доллары  муғдарындағы  49,3 тонна автомобиль жанылғысы реэкспортын әмелге асырған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги