Педагог абырайыныӊ артыўы – жәмийеттиӊ раўажланыў кепили

320

Инсаният тарийхына нәзер тасланса, илим, билимлендириў адамзаттыӊ интеллектуаллық мүтәжликлери, турақлы руҳхый жолдасы, турмыс машақатларын жеӊиўде сыналған қутқарыўшысы болып келгени айдынласады. Билимлендириў системасыныӊ раўажланыўы жәмийетимиздиӊ барлық тараўлардағы нәтийжесин тәмийинлейди. Себеби ҳәр қандай тараўдыӊ раўажланыўы, инсан ақыл-парасатыныӊ байыўы тийкарында, әлбетте, илим, билимлендириў болады.

Ҳүрметли президентимиздиӊ “Илим жоқ жерде қалақлық, наданлық ҳәм әлбетте, дурыс жолдан адасыў болады”, деп айрықша атап өткени бийкарға емес.

Ҳеш кимге сыр емес, бүгин биз усындай қәўипли ҳәм қәўетерли дәўирде жасап атырмыз. Дүнья үлкен пәтлерде өзгермекте, раўажланыў секунд сайын алға илгерилемекте. Усы дәўирдиӊ даўамлылығында ҳәм келешекте өзлигимизди сақлап қалыў ҳәм дүньяда өз орнымызға ийе болыў ушын қандай жол тутыўымыз керек? – деген ҳақылы сораў туўылады. Бул сораўға бир ўақытлары жадид бабаларымыз атап өткениндей “Илимнен басқа табыс жоқ ҳәм болыўы да мүмкин емес” деп жуўап берсек ҳақыйқат болады.

Ҳақыйқайтында, илим ҳәм тәлим-тәрбия – жәмийет ҳәм мәмлекеттиӊ бүгинги емес, ал ертенги күнин де шешетуғын мәселе. Соныӊ ушын мәмлекетимизде бул мәселеге мәмлекет көлеминде үлкен итибар қаратылмақта. Қай жерде, жаслар тәлим-тәрбиясы өз ҳалына таслап қойылса, сол жерде жәмийет дағдарысқа ушырайды. Белгили ағартыўшы Абдулла Авлонийдиӊ “Тәрбия биз ушын я өмир – я өлим, я үмит – я апат, я баҳыт – я бахытсызлық мәселеси” деген тереӊ мәнили сөзлер заманлар өтип өз қунын жоғалтпаған ҳәм жоғалтпайды да.

Биз перзентлериниӊ келешеги ҳәм бахты ушын жасайтуғын балажанлы халықпыз. Усы мақсетте перзентлеримиздиӊ тәғдири ҳәм келешегин “Атаӊдай уллы” деп есаплайтуғын устаз қолына исенип тапсырамыз. Устазлардыӊ жасларымыздыӊ жарқын келешеги жолында шеккен машақат ҳәм төккен көз нурын болса ҳеш нәрсе менен салыстырып та, баҳалап та болмайды. Қандай жетитискенликке ерискен болсақ, барлығыныӊ негизинде қәдирли оқытыўшы ҳәм устазлардыӊ үлеси бийбаҳа екенин көремиз. Бизге инсаният жаратқан еӊ әййемги ҳәм баҳалы ашылыў – ҳәрип таныўды ҳәм жазыўды үйреткен устаз алдында бәрқулла басымызды ийемиз.

1-февраль күни ҳүрметли Журтбасшымыз 21 статьядан ибарат “Педагогтыӊ статусы ҳаққында”ғы нызамға қол қойды. Бул пүткил халқымызды сүйсиндирген ўақыя болды. Нызамда педагоглардыӊ ҳуқықлары, миннетлемелери, жумысларыныӊ тийкарғы кепилликлери, мийнетке жараса ҳақы төлеў, хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў принциплери белгиленген.

Әҳмийетлиси, ҳүжжетте педагогтыӊ ҳуқықлары, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм исшеӊлик мәртебеси мәмлекет қорғаўында болыўы қатаӊ белгилеп қойылды.

Бул нызамға бола, педагогты кәсиплик жумысы менен байланыслы болмаған жумысларға, атап айтқанда, аймақларды абаданластырыў ҳәм аўыл хожалығы жумысларына тартыў қадаған етиледи. Сондай-ақ, педагогтан оныӊ кәсиплик миннетлемелерине байланыслы болмаған есабатларды ҳәм басқа мағлыўматларды, атап айтқанда, питкериўшилердиӊ бәнтлиги тәмийинленгенлиги ҳаққындағы есабатларды қәлиплестириўди ҳәм усыныўды талап етиў қадаған етиледи.

Буннан тысқары, педагогқа товар ҳәм хызметлерди сатып алыў миннетлемелерин жүклеў, атап айтқанда, мийнет ҳақысынан оныӊ жазба келисимисиз товар ҳәм хызметлер ушын қаржы услап қалыў мүмкин емес.

Нызамда педагоглардыӊ қысқартылған жумыс ўақты белгилениўи кепилленген. Докторлық диссертациясы, сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар жазыў ушын дөретиўшилик дем алыс берилиўи нәзерде тутылған. Усылардыӊ қатарында оқытыўшыларға авторлық бағдарламаларын ҳәм оқытыў методикасын енгизиў, заманагөй педагогикалық қуралларды еркин таӊлаў, мәмлекеттиӊ мәлимлеме-ресурс орайлары хызметинен бийпул пайдаланыў сыяқлы бир қатар имканиятлар жаратылып берилмекте. Себеби, “Оқытыў – еки мәрте оқыў” дегени. Оқытыўшылар излениўшеӊ, жаӊалыққа шөллеген халық. Нызамда педагогларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бағдарында да анық нормалар белгиленген. Бул бағдардағы артықша рәсмийликке ҳәм қағазпазлыққа шек қойылған. Қулласы, нызамда оқытыўшылардыӊ өз жумысынан, бүгинги күнинен разы болып, кеўилли ҳәм шын жүректен сабақ өтиўи ушын ушын барлық зәрүрли имканиятлар жаратылыўы нәзерде тутылған.

Ҳақыйқатында, оқытыўшы ҳәм устазлардыӊ абырайы орнына қойылса, мийнетке мүнәсип ҳақы төленсе ҳәм хошаметленсе тәлим-тәрбияда сапа өзгерислери бақланыўы анық. Себеби дүньяда раўажланған мәмлекетлер мысалында алып қаралса оқытыўшыға ҳүрмет оғада жоқары. Себеби, еӊ дәслеп, илим ҳәм билимлендириўге қаратылған үлкен итибар себепли жоқары раўажланыў ҳәм турмыс абаданлығына ерисиў мүмкин. Мысалы ушын, Япония императорынан бул мәмлекеттиӊ соншелли жедел раўажланыў сыры неде деп сорағанда, ол “Мен оқытыўшыға президенттиӊ абырайын, бас министрдиӊ айлық мийнет ҳақысын, дипломаттыӊ қол қатылмаслығын бердим”, деген екен. Италияда болса “Үш кәсип ийелери тығылыс жолда қалмаўы керек: Тез жәрдем, өрт өшириўшилер ҳәм оқытыўшылар”. Англияда болса “Бул бала данышпан, ол оқытыўшыдай пикирлейди…” деп оқытыўшыларды уллы кәсип ийелери ретинде көклерге көтереди.

Бизлерге белгили, мәмлекетимиз алдында турған еӊ әҳмийетли мақсет те, ўазыйпа да – дүньядағы раўажланған демократиялық мәмлекетлердиӊ қатарына кириў, халқымыз ушын еркин ҳәм абадан турмыс тәризин қурыўдан ибарат. Әне усындай абырайлы ўазыйпаны орынлаўда, мәмлекетимизде үшинши ренессансты қурыўда биз – күшли билим ҳәм потенциалға ийе, инсан руўхыныӊ инженерлери, келешек қурыўшылары болған оқытыўшылардыӊ мийнетине сүйенемиз.

Жаӊа нызам – жаӊа жетискенликлердиӊ гилти болатуғынына исенемиз.

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ депутаты,

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери

комитети ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги