Кимлер мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алады?

Төмендеги физикалық тәреплер мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыў ҳуқықына ийе:
1) кем тәмийинленген шахслар, егер олар:
— пуқаралық ислери бойынша даўагерлер яки жуўапкерлер;
— ҳәкимшилик ислери бойынша арза жазыўшылар;
— ҳәкимшилик қамақ тәризиндеги ҳәкимшилик жаза нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты әмелге асырған шахслар;
— жынаят ислери бойынша гүманланыўшылар, айыпланыўшылар, судланыўшылар, сондай-ақ, қамақтағылар болса;
2) руўхый жағдайы бузылған физикалық тәреплер, оларға «Психиатриялық жәрдем ҳаққында»ғы Нызамға муўапық психиатриялық жәрдем көрсетилип атырғанда;
3) өз ҳуқықлары бузылған, «Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын теӊ ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамда нәзерде тутылған ҳаял-қызлар ҳәм еркеклердиӊ теӊ ҳуқықлығы бузылғанлығы мүнәсибети менен судқа мүрәжат еткен физикалық тәреплер;
4) Жынаят-процессуал кодексине муўапық жынаят иси бойынша адвокат қатнасыўы шәрт болған жағдайда, гүманланыўшы, айыпланыўшы яки судланыўшы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги