Оқыўшылар кәсип-өнерге бағдарланбақта

Ҳәр бир инсан балалықтан «ким болсам екен» деген әрманлар жетегинде жүрип, кәсип таңлаўда шийрин қыялларға бериледи. Ана мектеп қушағында терең билим алып, билимлерин жетилистирип, өзи таңлаған кәсиптиң маманы болған жаслар жәмийеттен өз орнын табары сөзсиз. Бул бағдарда билим берип, келешекке бағдарлайтуғын билмлендириў мәкемелериниң орны айрықша.
Нөкис қаласы 1-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класы бар мектепте «Мениң кәсибим-мениң мақтанышым» атамасында улыўма билим бериў мектеп оқыўшыларын кәсипке бағдарлаў бойынша республикалық әмелий семинар болып өтти.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары М.Шылымбетова, республикамыздағы барлық билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери ҳәм оқыўшы жаслар қатнасты.
Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет, улыўма билим бериў мектеплеринде билим алып атырған оқыўшылардың келешекте кәсипти дурыс таңлаўы, муғаллимлер тәрепинен оларға кәсип-өнер сырларын тереңнен үйретиў ҳәм қызығыўшылығын арттырыў болып есапланады. Семинарда муғаллимлер де өз-ара билим ҳәм тәжирийбелер алмасты.


Илажда тигиўшилик, ВЕБ дизайнерлик бағдары, шет тилин үйретиў бойынша ашық сабақлар, психологиялық тренинглер өткерилди.
-Бундай илажлардың өткерилиўи оқыўшы жаслар менен устазлар арасында байланысты және де беккемлейди. Кәсип таңлаўда оқыўшы жасларға жол-жоба көрсетиўге бағдарланған бундай семинарлар алдағы ўақытлары да өткерилип барылса, олардың келешегине үлкен имканиятлар есигин ашып берери сөзсиз, -дейди Нөкис қалалық 1-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класы бар улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими М. Султанова.
Семинар шеңберинде тигиўшилик устаханасының жумыслары менен таныстырыў мақсетинде «Қыс ярмаркасы-2024» атамасында көргизбе шөлкемлестирилди. Онда мектептеги оқыўшы қызлардың тиккен кийимлери, қол өнерлери көргизбеге қойылды. Илаж қатнасыўшылары оқыўшылардың қол өнерлерине өзлериниң пикир -усынысларын билдирди.
Семинар қатнасыўшыларда айрықша тәсирлер қалдырды.
Г. Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.