Саудия Арабстаны Өзбекстанға 50 дана брайль әлипбесинде басып шығарылған муқаддес Қураны Кәрим китабын саўға етти

304

Саудия Арабстаны Өзбекстанға 50 дана брайль әлипбесинде басып шығарылған муқаддес Қураны Кәрим китабын усынды.

Саудия Арабстаны Ислам ислери, шақырық ҳәм ҳидаят министрлиги Өзбекстанның Жиддадағы Бас консуллығына брайль әлипбесинде басып шығарылған муқаддес Қураны Кәрим китапларын усынды.

«Дунё» МА хабарына бола, Техникалық-бирге ислесиў ҳәм грантлар тийкарында қабыл етилген бул мүбәрек китаплар Өзбекстан Көзи әззилер жәмийетине берилетуғыны нәзерде тутылған.

Бул бийғәрез жәрдем тәризинде берилген китаплар 15 мың АҚШ долларына тең.

Брайль әлипбесиндеги бул мүқаддес Қуран китаплары тез күнлерде Өзбекстанға жеткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги