Президент мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўиндеги жумыслардың жағдайын таллап, келеси режелерди белгилеп берди.
Реформалар нәтийжесинде мектепке шекемги билимлендириўде қамтып алыў 74 процентке жетти. 2016-жылы бул көрсеткиш 27 процент еди. Усы жылы мәмлекетлик бақшалардың қуўатлылығы және 10 мың орынға, жеке меншик бақшаларда 50 мың орынға көбейеди.
Бирақ айырым алыс аўылларда бақша елеге шекем жоқ екенлиги себепли барлық балалар да мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алынбаған, айырым районларда бақша жетерли болыўына қарамастан, қамтып алыўы өткен жылға салыстырғанда бираз азайған.
Жеке меншик бақшаларда балалардың есабын жүргизиў санластырылмақта, бирақ мәмлекетлик бақшаларда бул процесс еле басланбаған.
Усы мүнәсибет пенен Мектепке шекемги билимлендириў агентлигине бақшаларда бюджет қәрежетлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша система жаратыў тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги