Президент Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына тийкарланып Қырғызстанға гуманитарлық жәрдем көрсетиледи
291

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов қырғызстанлы кәсиплеси Жеенбек Кулубаев пенен телефон арқалы сөйлести. Сөйлесиў даўамында Бахтиёр Саидов Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына тийкарланып, Өзбекстан тәрепи Бишкек ыссылық электр станциясында жүз берген авария мүнәсибети менен Қырғызстанда зәрүр жәрдем көрсетиўге таяр екенин билдирди.
Соның ишинде, Өзбекстан тәрепи жәрдем сыпатында Әндижаннан Ош қаласына суйылтырылған газ баллонлары жиберилетуғынын мәлим етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги