Усы күнлери дүньяның бир қатар орынларында қылышласыў бойынша жәҳән кубоги жарыслары болып өтпекте.

Болгарияның Пловдив қаласында болып өткен усындай жарысллардың биринде бул турнирде Өзбекстан сайланды командасының Фернарда Эррера, Гүлистан Пердебаева, Наргиза Жақсыбаева ҳәм Самира Шокировадан ибарат сабляшы қызларымыз финал беллесиўинде Франция сайланды командасы ағзаларын 45:43 есабында жеңип шықты.

Ал, Исламбек Абдазов, Сардор Абдукаримбеков, Азизбек Дәўлетназаров ҳәм Зуҳриддин Қодировлардан ибарат ерлер командасы болса, қола медалын қолға киргизиўге еристи.

Хорватияның Загреб қаласында Фозилхўжа Алимов, Илёсбек Марипжонов, Радмир Семенеев ҳәм Улуғбек Усмоновлардан ибарат сайланды командамыз да 3-орынды ийелеўге миясар болды.


Сондай-ақ, сабля бойынша өткерилген жеккелик беллесиўлеринде Зуҳриддин Қодиров гүмис, Самира Шокирова қола медалын қолға киргизди.

-Қызым Гүлистанның сайланды команда сәрдары сыпатында беллесиўлерге түсиўи мени үлкен қуўанышқа бөледи, -дейди Гүлистан Пердебаеваның анасы Тамара Машарипова.-Қызларымыз бул жеңиси арқалы Президентимиздиң жасларға билдирип атырған исенимин толық ақлады, деп айта аламан.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлги шолыўшысы