Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының спорт залында Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары студентлери арасында «Студентлер лигасы» спорт жарысларының рәсмий ашылыў мәресими болып өтти. Бул ҳаққында НМПИ баспасөз хызмети хабар берди.

Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң ғалабалық спорт илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бөлиминиң баслығы Икрам Қудияров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жарысты өткериўдиң мақсети ҳаққында мағлыўматлар берип, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.



Жарыслар тастыйықланған кесте тийкарында 1-февраль күнинен баслап старт алған болып, дәслепки күнде жоқары оқыў орынларының студент-қызларынан дүзилген командалар баскетбол бойынша өз-ара күш сынасты. Қызлар арасында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң командасы биринши орынды ийелеп, келеси басқышқа жолламаны қолға киргизген болса, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командасы екинши, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының командасы үшинши орынды ийеледи.

2-февраль күни баскетбол бойынша жарыслар ер-жигитлер арасында даўам етти. қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының командасы биринши орынды ийелеп, келеси басқышқа жоллама алды. Жеңимпазларға мүнәсип қарсылық көрсетип, жоқары бәсекилик туўдырған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командасы екинши, ал Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң командасы үшинши орынды ийеледи.

Жарыслар белгиленген кесте тийкарында 1-5-февраль күнлери баскетбол, 10-15-февраль күнлери волейбол, 20-25-февраль күнлери стол тенниси, 1-5-март күнлери мини футбол, сондай-ақ, 10-15-март күнлери аралығында шахмат бойынша өткерилиўи белгиленген болып, оған жоқары оқыў орынларынан улыўма 448 студент, соннан 176 студент-қыз қатнасыўы күтилмекте.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, «Студентлер лигасы» спорт жарыслары Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Fалабалық ҳәм профессионал футболды ҳәр тәреплеме раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ҳәм «2026-жылы Өзбекстанда болып өтетуғын 46-Дүнья жүзилик шахмат олимпиадасына комплексли таярлық көриў ҳәм шахматты ғалабалық ҳәрекетке айландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарлары, сондай-ақ, 2023-жыл 11-апрель күни «Жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм олар менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары» бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги