«Тумарис әўладлары» таңлаўының аймақлық басқышы өткерилди

142

Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери қурамында хызмет етип атырған әскерий хызметтеги ҳаял-қызларымыздың әскерий билим көнликпелери, зийреклилиги ҳәм билим дәрежесин анықлаў мақсетинде мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығының тийисли буйрықлары тийкарында ҳәр жылы елимизде «Тумарис әўладлары» таңлаўы болып өтеди.

МҚХ шегара әскерий бөлимине қараслы әскерий бөлимлердиң биринде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында хызмет етип атырған әскерий хызметкер ҳаял-қызлар арасында таңлаўдың аймақлық басқышы өткерилди.



Таңлаў алты шәрттен ибарат болып қатнасыўшылар танысыў, билим, шаңарақ қорған ийеси, әскерий таярлық, әҳмийетли тема, шеберлик шәртлери бойынша өзлериниң шаққанлығын, әскерий таярлығын ҳәм билимлерин көрсетти. Қатнасыўшылар тәрепинен таярланған мультимедиа ҳәм көргизбели шығыўлар тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды. Шәртлер  қызғын  бәсекилер менен даўам етти.

Жарыс жуўмағында әскерий хызметкер Г.Аминова биринши орынды ийелеп, таңлаўдың Өзбекстан Республикасы көлеминде  өткерилетуғын басқышына жолламаны қолға киргизди.

Жеңимпазлар әскерий бөлим командири тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги