Насос агрегатлары суўғарыў мәўсимине таярланбақта

Тахтакөпир районындағы «Дилара» насос станциясында электр энергиясынан нәтийжели пайдаланыў, оны үнемлеў ҳәм насос станциялары агрегатларын оңлаў мәселелерин додалаўға бағышланған әмелий семинар өткерилди.
Семинарға тараў басшылары ҳәм қәнигелери, Тахтакөпир, Қараөзек районларындағы насос станцияларының басшылары ҳәм жумысшы-хызметкерлер қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң бас қәнигеси О.Палўанов, Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы баслығының орынбасары Н.Аралбаев, басқарманың энергетика бөлиминиң баслығы Ж.Толеўбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, көрилип атырған мәселелердиң әҳмийетине тоқтап өтип, әмелге асырылыўы зәрүр илажлар бойынша мағлыўматлар берилди.
Семинарда Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң 2022-жыл 5-декабрьдеги орынларда додаланатуғын мәселелер ҳәм реже көрсеткишлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша ҳәптелик графикте белгиленген электр энергиясынан нәтийжели пайдаланыў, үнемлеў ҳәм насос станциялары агрегатларын оңлаў мәселелери бойынша түсиниклер берилип, жуўапкер қәнигелер тәрепинен пикир-усыныслар билдирилди.
– Сондай-ақ, семинарда электр энергиясынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм үнемлеў илажларын әмелге асырыў бойынша районда жайласқан насос станцияларының ҳәзирги жағдайы ҳәм әмелге асырылған жумыслар бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди,-дейди суў хожалығы министрлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы F.Атажанов.
Ҳәзирги күнге шекем 5 жаңа насос, 8 электродвигатель, 21 конденсатор, 1 қуяш батереяси ҳәм 60 светодиод лампалары орнатылғанлығы есабынан 1280 мың кВт электр энергиясы үнемлениўине ерисилген. Соның менен бирге, келеси жыл жобалары ҳаққында да мағлыўмат берилди. 2024-жылы басқарма тәрепинен 7 жаңа насос, 6 электродвигатель, 20 дана конденсатор, 1 частота өзгертириўши қурылма, 2 қуяш батереяси ҳәм 130 дана светодиод лампаларын орнатыў режелестирилген.


Нәтийжеде 1052 мың кВт электр энергиясын үнемлеў нәзерде тутылған.
Семинарда усы бағдардағы ўазыйпаларды өз мүддетлеринде орынлаў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги