Президент басшылығында социаллық тараўдағы әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилис басланды.
Тараў ушын жуўапкер 13 министрлик, уйым ҳәм 223 ҳәким орынбасарлары бар.
Бирақ билимлендириў, медицина, санластырыў, мәденият ҳәм спорт тараўларындағы реформалардың орынлардағы әмелге асырылыўын тәмийинлеўде кемшиликлер жоқ емес.
Мәселен, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўиндеги үлкен өзгерислер менен бир қатарда бақша менен мектеп, мектеп пенен колледж ҳәм жоқары оқыў орны арасында тығыз байланыслылық жетерли дәрежеде емес.
Мәҳәлле баслығы мектепте тәрбия ҳәм қатнас мәселелери, ата-аналар менен бирге ислесиў менен қызықпаса, район ҳәкимлери, жаслар ҳәм социаллық мәселеге жуўапкер орынбасарлары мектепте руўхыйлық ҳәм спорт илажларын өткериўге итибарсыз болмақта.
Сонлықтан, өткен ҳәптеде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрине жаңа орынбасарлар тайынланды. Оларға билимлендириў, тәрбия ҳәм руўхыйлық бойынша мектеплерге жаңа орталық алып кириў ўазыйпасы қойылды.