Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.Ходжаев басшылығындағы исши топардың инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў, оларды сапластырыў бойынша исбилерменлер менен кеңейтилген мәжилис болып өтти.

Онда Бас прокурордың орынбасары Б.Валиев, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили Д.Косимов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановлар қатнасты.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик инвестиция бағдарламалары шеңберинде бир қатар ири ҳәм перспективалы инвестициялық жойбарлары қәлиплестирилген болып,  олардың иске түсирилиўи нәтийжесинде пуқаралар ушын жаңадан турақлы ҳәм дәраматлы жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген.

Кеңейтилген мәжилис даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды. Қатнасыўшылар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди.



Сондай-ақ, усы мәжилисте қытайлы инвесторлар менен ZOOM платформасы арқалы байланысып, Қарақалпақстан Республикасы аймағында әмелге асырылатуғын ири инвестициялық жойбарлары ҳаққында келисип алынды. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Мәжилис соңында көрип шығылған мәселелер бойынша  анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги