Өзбекстан ҳәм Канада: бирге ислесиўдиӊ жаӊа перспективалары

Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Канаданыӊ жаӊа тайынланған елшиси Алан Хэмсон менен ушырасыў өткерди.
Сенат баслығы жоқары ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпаға тайынланғаны мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлап, оныӊ келеси жумысларына табыслар тиледи.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Канада арасындағы конструктивлик бирге ислесиўди және де раўажландырыў, атап айтқанда, парламентлераралық байланыс дәрежесин арттырыў, сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманиарлық тараўлардағы байланысларды кеӊейтиў мәселелери додаланды.
Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет арасындағы қатнасықларда саўда-экономикалық бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе екени, таў-кән, энергетика, нефть-газ санаатында перспективалы жойбарларды жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, илимий-техникалық, атап айтқанда, билимлендириў тараўындағы байланысларды раўажландырыў, туризм, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарларында бирге ислесиўди беккемлеў бойынша пикир алысылды.
Өз-ара қатнасықлардыӊ және бир әҳмийетли бағдары ретинде аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине итибар қаратылды. Онда еки мәмлекеттиӊ қалалары арасында дослық байланысларды орнатыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Парламентлераралық қатнасықларды жаӊа басқышқа алып шығыў, еки мәмлекеттиӊ нызам шығарыўшы уйымларыныӊ тийисли комитетлери арасында өз-ара сапарларды шөлкемлестириў арқалы тығыз бирге ислесиўди орнатыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында дипломат мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлардыӊ буннан былай да және де раўажланыўы ушын бар имканият ҳәм потенциалды иске қосатуғынын билдирди.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА