Халықаралық олимпия комитети (ХОК) президенти Томас Бах усы спорт түриниң халықаралық көлемде тән алыныўы ҳәм келешекте Олимпияда ойынлары бағдарламасынан орын алыўы бойынша пикир билдирди, деп хабар бермекте «Синьхуа» хабар агентлиги.
«Ушу жаўынгерлик өнери 2026-жылы Дакарда болатуғын жазғы жас өспиримлер Олимпиада ойынларының сыйлы спорт түрлери қатарынан орын алған, тийкарғы әнжуман бағдарламасына жаңа спорт түри киргизилиўи процеси ҳәзирги басқыштан басланады», деди Бах.
МОК баслығы ушудың дебюти ҳәм халықаралық дәрежедеги абырайы, дәрежеси, жарыстағы улыўмалық көрсеткиштиң талқыланыўы тийкарғы Олимпиада қурамында қалыўына тийкар жарататуғынын атап өткен.
ӨзА