Бүгин Францияның Париж қаласында дзюдо бойынша «Үлкен дубылға» турнири басланды.
Онда дүньяның 100 ден аслам мәмлекетлеринен ең күшли палўанлар жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес алып бармақта.
Қуўанышлы тәрепи сонда, Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасып атырған Нилуфар Ермағанбетова 57 кг салмақта татамиге шығып, биринши басқышта латвиялы Анастасия Сокриансканы жеңип шығыўға еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлги шолыўшысы