Нызам үстинлиги «Инсан-жәмийет-мәмлекет» приниципиниң тийкары

345

Мәмлекетимизде соңғы жыллары алып барылған Конституциялық реформалар нәтийжесинде, «мәмлекет-жәмийет– инсан» принципи жаңа «инсан-жәмийет-мәмлекет» приниципине өзгертилди. Буның ең абзал тәрепи, инсан мәплерин барлық нәрседен үстем етип қойылды.

Халқымыздың нызамлы ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қорғаўда судлардың атқаратуғын хызмети айрықша болып табылады. 2023-жылы бул бағдарда исленген жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша судында болып, Қарақалпақстан Республикасы судының пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы баслығы Абдимурат Керимбаев пенен сәўбетлестик.

-Абдимурат Қаржаўбаевич, егер, сыр болмаса өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша судында қанша ис көрип шығылып, олардың нешеўи қанаатландырылғанлығын атап өтсеңиз?

– Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша суды ҳәм оған қараслы районлар аралық судларымыз тәрепинен 2023-жыл даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери, юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң суд арқалы қорғалыўын тәмийинлеў, суд әмелиятын улыўмаластырып барыў, халықтың ҳуқықый мәдениятын көтериў мақсетинде үгит-нәсият жумысларын жүргизиў бағдарында бир қанша жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судларының өндирисинде улыўма 27.698 ис болып, соннан судлар тәрепинен 24.976 ис көрилип тамамланды.

Бул олардың улыўма саны 2022- жылға салыстырғанда 2.708 иске, яғный 9,8 процентке азайғанлығын көрсетеди.

Соның ишинде, көрип тамамланған ислерден 14.594 ис бойынша шешиўши қарарлар шығарылып, соннан 13.368 ис бойынша даўа арзалар қанаатландырылған, 1.226 ис бойынша даўа арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған, 721и ис жүргизиўден қысқартылған, 3.224 арза көрместен қалдырылған.

– Суд ислеринде ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша республикамыздың пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен  қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– Ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар тийкарында елимизде нызамшылықты беккемлеў, әдил судлаўды әмелге асырыў, халқымыздың нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў, оларға жеңилликлер жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, суд мәжилислериниң тәрбиялық орны менен әҳмийетин арттырыў мақсетинде, жәмийетшиликти көбирек тартқан ҳалда өткериўге айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, 2023-жыл даўамында судларымыз тәрепинен жәми 24.976 ис көрилип тамамланған болса, соннан 1.568 (6,28 %) ис көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылды.

Есабат дәўиринде ис-реже бойынша ҳәм ис-режеден тысқары Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судларының судьялары тәрепинен 129 мәрте, районлар аралық судлар тәрепинен 65 мәрте ғалаба хабар қураллары арқалы шығыўлар әмелге асырылып, 122 мәрте  мәкеме, кәрхана ҳәм оқыў орынларында ушырасыўлар өткерилген.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судларына жәми 3.028 мүрәжат келип түсти ҳәм соннан         544 мүрәжат улыўмалық тәртипте, 1032 мүрәжат Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал ҳәм Халық қабыллаўханалары арқалы,
1.452 мүрәжат суд баслықлары ҳәм судьялардың жеке (көшпели) қабыллаўында қабылланды. Усы арзалардан 2.997 арза үйренилип, солардан 77 си қанаатландырылған, 1 мүрәжат  қанаатландырылмастан қалдырылған ҳәм 2.919 мүрәжатқа түсиник берилди.

-Бүгинги күни адамлар арасында бир-биреўди алдаў, жас шаңарақларда турмыс қыйыншылықларына шыдамастан ажырасыўлар жийи ушыраспақта. Бул туўралы сизиң пикириңиз қандай?

-Дурыс айтасыз. Соңғы жыллары адамлар арасында жеңил мийнет арқасында табыс табыў ҳәм жаслар арасында некеден ажырасыўлар саны көбейип баратырғаны кимди болса да терең ойға батырады.

Бул пикирлеримизди тастыйықлаўшы мағлыўматлар туўралы айтыў ушын, судларымыз тәрепинен көрип шығылып, тамамланған ислеримизди пуқаралық иси категорияларына қарап ажыратқанымызда солардан, 37,2 % яғный, 6.897 ис келисимлер менен байланыслы ислер (соннан 4.206 ис, 67,49 % кредит шәртнамасына байланыслы ислер, 21,9 % яғный, 4.068 ис шаңарақ қатнасықлары менен байланыслы ислер (соннан 2.413 ис, 59,3 % некеден ажыратыў менен байланыслы ислер) екенлигин көриўимизге болады.

Сондай-ақ,  1775 салық қарыздарлығын өндириўге байланыслы ислер, 758 турақ жай менен байланыслы ислер (соннан 414 ис, 54,6 % өзбасымшалық пенен қурылған қурылысты буздырыў менен байланыслы ислер,739 мийнет қатнасықларына байланыслы ислер (соннан 249 ис, 33,7 % жумысқа тиклеў, 417 ис 56,4 % мийнет ҳақы өндириў менен байланыслы ислер, 590 ис жер менен байланыслы ислер (соннан 409 ис, 69,3 % өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жерлерди қайтарыўға байланыслы ислер, 431) зыянды өндириўге менен байланыслы ислер 2,3 %, 405 меншик ҳуқықы менен байланыслы ислер (соннан 254 ис, 62,7 % саўғаға берилген мүлклерин басқа шахстың ийелигинен алып бериўге байланыслы ислер, 83 басқа мазмундағы ислер, 5 ис коммуналлық төлемлерди өндириў менен байланыслы ислер көрип шығылды.

Олардан 793 ис некеден ажыратыў ҳаққындағы ис бойынша тәреплерге жарасыў ушын мүддет берилди.

Бул ислерде жаслардың қатнасының барлығы көпшилик замаласларымыз сыяқлы, бизлерди де тәшўишке салады.

-Өткен жылы Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен апелляция инстанциясы тәртибинде қанша ис көрип шығылды ҳәм солардан нешеўинде суд қарарлары бийкар етилди?

-2023-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық ислери бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясында улыўма 630 ис қаралып, соннан, 506 ис бойынша қабыл етилген суд қарарлары өзгериссиз қалдырылды ҳәм 65 ис бойынша суд қарарларына өзгерислер киргизилип, 59 ис бойынша суд қарарлары (45 шешиўши қарар, 14 уйғарыў) бийкар етилди.

Бул әлбетте, судларда нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша исленип атырған жумысларымыздың кишкене бир көриниси. Олар ҳаққында саатлап айта бериўимизге болады.

-Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!

Сәўбетлескен: Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы